Жазғы дем алыс пайдалы ҳәм мазмунлы өткерилмекте

93

Студентлер жазғы лагери өз жумысын баслады,-деп хабар бермекте НМПИ баспасөз хызмети.

Елимиздеги жоқары оқыў орынлары студент-жасларының жазғы дем алыс ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды спорт, интеллектуаллық ойынлар ҳәм кеўилашар илажларға қамтып алыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының оқыў-дала әмелияты орнында «Студентлер жазғы лагери» шөлкемлестирилди.

Бул жерде белгиленген реже тийкарында студентлердиң дем алыўы менен бирге, олардың интеллектуаллық потенциалын арттырыў, кәсиплик көнликпелерин раўажландырыў, спорт ҳәм мәдений-ағартыўшылық илажлары арқалы жаслардың жәмийетлик белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Буның ушын лагерьде зәрүр болған барлық шараятлар жаратылды. Аўқатланыў, дем алыў ҳәм жуўыныў орынлары, спорт майданшалары, концерт ҳәм тамашалар сахнасы, китапқумар жаслар ушын арнаўлы платформалар жаслар хызметинде.

Лагерьде ҳәр бир жоқары оқыў орны жәмәәти тәрепинен студентлер ушын әҳмийетли ушырасыўлар, шеберлик сабақлары, спорт жарыслары, театр ҳәм кино кешелери, ҳәр қыйлы дөгереклер шөлкемлестирилмекте.

Жазғы лагерь қатнасыўшылары ушын жаратылған шараятлар, саламат ҳәм кеўилли орталық, өз-ара дослық қарым-қатнасықлары жасларымыздың нурлы келешеги ушын хызмет етери сөзсиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.