Мәҳәллелердеги халық пенен қызғын сәўбет өткерилди

Ҳәр бир мәҳәлледе халықтың дәрти ҳәм тәшўишлерин орнында тыңлаў, машқалаларды шешиўге жуўапкер басшылардың жумысында турмыслық қатнас үлкен әҳмийетке ийе. Усы мақсетте Төрткўл районы ҳәкими И.Худайбергенов “Ақбаслы” ҳәм “Зиякар” мәҳәллелеринде болып, орынлардағы жағдай менен танысты.
Район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлиминиң мағлыўматына бола, “Ақбаслы” аўылына сапар даўамында мәҳәлле белсендилери менен ашықтан-ашық сөйлесиў өткерилди. Сөйлесиўде тийкарғы итибар аймақты абаданластырыў, көклемзарластырыў, жол шетлери ҳәм улыўмалық пайдаланыў орынларын тазалаў сыяқлы мәселелерге қаратылды. Сондай-ақ, мәҳәлледеги қыйтақ жерлерди суўғарыўда ақаба суўлардан пайдаланыў әмелияты да көзден өткерилди.

Соң, мәмлекетлик әҳмийетке ийе А-380 жолын сақлаў жумыслары менен шуғылланып атырған пуқаралар менен ушырасыў өткерилди. Ҳәзирги ўақытта бул жолдан пайдаланыў, оны тазалаў ҳәм сақлаў жумыслары Төрткүл районлық жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик мәкемеси хызметкерлери тәрепинен әмелге асырылмақта.
Жол әтирапын шөплерден тазалаў, ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳәким тәрепинен үйренилди. Ол жумысшылар менен қызғын сәўбетлесип, олардың пикир-усынысларын тыңлады. Сол арқалы мәҳәллелердеги анық ҳәм әҳмийетли мәселелер бойынша оператив шешимлер ислеп шығыўға айрықша итибар қаратылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги