«Мәҳәлле жетилиги» жумыслары үйренилди

Елимизде мәҳәлле институтын раўажландырыў, орынлардағы социаллық машқалаларды орнында шешиў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Усы мақсетте түрли әмелий семинарлар, тәжирийбе алмасыў илажлары жолға қойылмақта. Мине, усындай илажлардан бири жақында Әмиўдәрья районында болып өтти.
Барлық районлық мәҳәллелер ассоциациясының басшылары қатнасқан бул семинар мәҳәлледеги “жетилик”тиң жумысын жетилистириў, алдынғы тәжирийбелерди үйрениў ҳәм әмелий көнликпелер менен ортақласыў мақсетинде шөлкемлестирилди, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.

Өзбекстан Мәҳәллелери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Турманов басшылығындағы ўәкиллер илажда қатнасты. Семинар шеңберинде қатнасыўшылар Жайҳун, Чайкул ҳәм Боёвул мәҳәллелерине барып, ол жерде “мәҳәлле жетилиги” қурамындағы жуўапкерлер ушын жаратылған шараятлар менен танысыў имканиятына ийе болды.
Мәҳәллелерде пуқаралар менен турақлы сөйлесиў жолға қойылғаны, жасларды жумыс пенен тәмийинлеў, социаллық машқалаларды шешиў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар қатнасыўшыларда үлкен қызығыўшылық оятты.

Делегация ағзалары Мәҳәллелер ассоциациясы районлық бөлиминиң жумысы менен де жақыннан танысты. Олар жумыс процесинде пайдаланылып атырған заманагөй үскенелер ҳәм санластырыў бойынша алып барылып атырған жумысларға айрықша итибар қаратты.
Бундай ушырасыўлар арқалы ҳәр бир аймақтағы машқалалар терең талланып әмелий шешимлер ислеп шығылыўы ҳәм ең нәтийжели тәжирийбелер улыўмаластырылыўына имканият жарататуғыны атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги