Мақсет – электр тәмийнатының сапасын жақсылаў

Халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, электр тәмийнатының сапасын жақсылаў ҳәм заманагөй инфраструктураны қәлиплестириў – бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан есапланады.
Усы мақсетте, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-330-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, яғный “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңберинде Беруний районында әмелий жумыслар басланды.

Атап айтқанда, “Палвош” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы халықтың электр энергиясына болған талабын қанаатландырыў, турақлы тәмийнатты жолға қойыў мақсетинде жаңа 0,4 кВлы төмен күшлениўли қосымша жаңадан электр тармақлары тартылмақта.
Бул жумыслар шеңберинде заманагөй SIP кабельлерден пайдаланылып атырғаны, электр тармақларының қәўипсизлиги ҳәм нәтийжелилигин арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Мәҳәлледе алып барылып атырған бул әмелий илажлар халық ушын қолайлық жаратыў, турмыс тәризин жақсылаў ҳәм инфраструктураны заман талапларына сәйкес түрде жаңалаўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги