Камолиддин Беҳзод атындағы мәмлекетлик стипендияның быйылғы жеңимпазлары анықланды

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 6-ноябрьдеги “Камолиддин Беҳзод атындағы мәмлекетлик стипендияны шөлкемлестириў ҳаққында”ғы қарарына муўапық, Өзбекстан Көркем өнер академиясы Эксперт топары тәрепинен көркем өнер билимлендириў бағдарлары бар мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң жәми 19 талабанлардың жыйналған топламлары ҳәм мәмлекетлик стипендияны тайынлаў ҳаққындағы усыныснамалары көрип шығылды.
Камолиддин Беҳзод атындағы мәмлекетлик стипендияны тайынлаў бойынша өткерилген таңлаўда Эксперт топарының тийисли қарары менен төмендеги 7 қәбилетли ҳәм дөретиўши студентлер таңлаўдың тийисли бағдарлары бойынша жеңимпаз деп табылды.
– Гүлистан мәмлекетлик университетиниң 2-курс студенти Тахмина Боқиева Верстакли реңли сүўретлеў бағдары бойынша,
– Әндижан мәмлекетлик педагогикалық институтының 2-курс студенти Азизахон Нўманова Реңли сүўретлеў түрлери бойынша,
– Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 3-курс студенти Бийбиназ Узақбаева Графика ҳәм миниатюра бағдарында,
– Камолиддин Беҳзод атындағы Миллий сүўретлеў ҳәм дизайн институтының 3-курс студенти Илҳомжон Саидмуродов Мүсиншилик түрлери бойынша,
– Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 3-курс студенти Райхан Наўрызбаева Әмелий көркем өнер түрлери бойынша,
– Камолиддин Беҳзод атындағы Миллий сүўретлеў ҳәм дизайн институтының 3-курс студенти Сухробжон Қодиров Дизайн түрлери бойынша таңлаў жеңимпазы болды.
Сондай-ақ, Әндижан мәмлекетлик педагогикалық институтының 2-курс студенти Райхана Акбарова Көркем өнертаныў ҳәм музейтаныў түрлери бойынша жеңимпаз болды.
Камолиддин Беҳзод атындағы мәмлекетлик стипендия ийелерине гүўалықлар Өзбекстан Көркем өнер академиясы тәрепинен салтанатлы түрде тапсырылды.
ӨзА