Өзбекстан ашық мағлыўматлар бойынша Орайлық Азияда биринши орында

123

Бүгин Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда бир қатар нызам жойбарлары көрип шығылды. Соның ишинде, “Рәсмий статистика тараўында мәмлекетлик басқарыў системасының жетилистирилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары қызғын додаланды.

Нызам жойбары рәсмий статистика тараўында ҳәкимшилик реформаларды нәтийжели әмелге асырыў шеңберинде статистика уйымларының жумысын жетилистириў ҳәм рәсмий статистикадан пайдаланыўшылар ушын және де қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған.

– Кейинги жыллары елимизде статистикалық мағлыўматлардың сапасын буннан былай да жақсылаў, статистикалық көрсеткишлердиң толық мағлыўматлар базаларын жаратыў, оларды халықаралық стандартларға бейимлестириў, социаллық-экономикалық ҳәм демографиялық тараўларда статистиканың заманагөй усылларын енгизиў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта, – деди фракция ағзасы Наврўз Юсупов. – Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Миллий статистика комитети шөлкемлестирилди. 2021-жылы “Рәсмий статистика ҳаққында”ғы нызам қабыл етилди. Өткен дәўир ишинде министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен усынылатуғын рәсмий есабатлар 110 нан 64 ке түсирилди, статистикалық мағлыўматлар санластырылды.

Рәсмий статистиканың тийкарғы принциплерине сүйенген ҳалда халықаралық шөлкемлерге мағлыўматлар усынылып барылыўы нәтийжесинде халықаралық дәрежеде бир қатар жетискенликлерге ерисилди. Соның ишинде, Өзбекстан ашық мағлыўматлар бойынша халықаралық “Open Data Inventory” (ODIN) рейтингинде 2024-жылдың нәтийжелерине бола, 198 мәмлекет арасында 12-орынға көтерилди, Орайлық Азияда болса биринши орынды сақлап қалмақта. Сондай-ақ, Жәҳән банкиниң 2024-жылы жәрияланған “Статистика жумысыныӊ нәтийжелилиги индекси”(SPI)нде 2023-жылдың жуўмақлары бойынша Өзбекстан 217 мәмлекет арасында 62-орынды ийелеген.

Енди бул нызам жойбары менен бир қатар нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилип, рәсмий статистика тараўында ҳәкимшилик реформаларды нәтийжели әмелге асырыў шеңберинде статистика уйымларының жумысын жетилистириў ҳәм рәсмий статистикадан пайдаланыўшылар ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў нәзерде тутылмақта.

Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи миллий статистика системасының жумысын тәртипке салыў, рәсмий статистиканың ашық-айдынлығын тәмийинлеў, мәмлекеттиң халықаралық көлемдеги абырайын және де арттырыўға хызмет етеди, – деди депутат Наврўз Юсупов.

Қызғын додалаў ҳәм сораў-жуўаплардан соң нызам жойбары қабыл етилди.

Муҳтарама Комилова,

ӨзА