Нәсилли қара маллардан жақсы нәтийжелерге ерисиў күтилмекте

Республикамызда шарўашылық тармағын қоллап-қуўатлаў, шарўа нәсилиниң тазалығы, жетистирилген өнимниң сапасы ҳәм муғдарын жақсылаўда бир қатар жумыслар алып барылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 8-февральдағы «Өзбекстан Республикасында шарўашылық тараўын ҳәм оның тармақларын раўажландырыў бойынша 2022-2026-жылларға мөлшерленген бағдарламаны тастыйықлаў ҳаққында» ғы қарары қабыл етилип, тараўда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Республикамызда шарўашылықты раўажландырыў ҳәм тараўды заман талаплары тийкарында жетилистириў бойынша алып барылып атырған жумыслардың негизин халықты арзан гөш ҳәм сүт өнимлери менен тәмийинлеўге ерисиў болып табылады.
Усы бағдардағы алып барылып атырған жумыслар шеңберинде Хожели районында «Ин витро» усылында қара мал эмбрионын таярлаў лабораториясы шөлкемлестирилди. Жәҳән банкиниң 135,6 мың доллар грант қаржылары тийкарында шөлкемлестирилген лабораторияда қарамалларды жасалма көбейтиўдиң заманагөй усылы алып барылады.

Бул жойбар Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети ҳәм нәсилшилик илимий ислеп шығарыў орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен әмелге асырылмақта. Биз усы илимий орайдың бөлим баслығы Рустем Айтжанов пенен алып барылып атырған жумыслар дөгерегинде сәўбетлескен едик. Ол ҳәзирги ўақытта Хожели районында «Ин витро» усылында қара мал эмбрионын таярлаў лабораториясында жумыс алып бармақта.
—Лаборатория қашан шөлкемлестирилди ҳәм жаңа жойбар бойынша қандай жумыслар алып барылмақта?
-Лаборатория 2017-жылы өз жумысын баслаған болса, өткен 2024-жылы жылы Президентимиздин басламасы менен республикамызда нәсилшиликти раўажландырыў бағдарында жаңа қәдемлер қойылды. Бул Азияда бирден-бир әмелге асырылып атырған үлкен жойбар болып есапланады. Усы жылдың басынан баслап Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң грант қаржылары тийкарында Германия, Россия, АҚШ, Қытай мәмлекетлеринен лаборатория ушын әсбап-үскенелер алып келинди. Ҳәзирги ўақытта заманагөй әсбап үскенелер тийкарында жумысымызды баслап атырмыз. Буның ушын Белорусияда ис тәжирийбемизди арттырып, үйренип қайттық. Кәрханамызда 15 адам турақлы жумыс пенен бәнт етилген. Жумыслар реже тийкарында басқышпа-басқыш жолға қойылады.
-Мал шарўашылығындағы эмбрион трансплантациясы ҳаққында түсиник берип өтсеңиз.
-Эмбрионлар трансплантациясы – нәсилшилик технологияларының жасалма туқымландырыў менен байланыслы болған, қарамалларды бир неше әўладлар даўамында жетилистириўдеги селекция процесиниң системалы биотехнология усылы. Қарамал селекциясында жоқары өнимдар рекордшы сыйырлардан ҳәм жоқары нәсилли буғалардан пайдаланыў мақсетке муўапық нәсил алыўдың тийкарғы шәрти есапланады. Бирақ, нәсилшиликте селекция айырмашылығының артып барыўына байланыслы таңланатуғын ана ҳайўанлар саны азайып барады, сондай-ақ, әдеттеги усылларда олардан нәсил алыў аз муғдарды қурайды. Қарамаллар эмбрионын трансплантациялаў ҳайўанлардың нәсиллик ҳәм өнимдарлық сыпатларын жақсылаўдың алдынғы усылларынан бири болып есапланады. Оның жәрдеминде ең жақсы сыйырлардан (донор) әўлад алыўды олардың эмбрионын нәсиллик қуны төменирек малларға (реципиентлерге) көширип өткериў арқалы бир неше мәрте арттырыў ҳәм қысқа мүддетлерде жоқары сапалы нәсилшилик падаларын жаратыў имканияты жаратылады. Эмбрионлар трансплантациясы жасалма туқымландырыўға салыстырғанда 5-7 есеге, тири мал импортына салыстырғанда болса 30-40% арзан ҳалда сүт ҳәм гөш қарамалшылығында нәсил ядросын жаратыў имканиятын береди.

Эмбрион трансплантациясы биринши мәрте 1890-жылдың апрель айында Уллы Британия илимпазы Валтер Хип тәрепинен қоянларда әмелге асырылған болып, бул усылды лаборатория шараятынан өндириске енгизиў 1950-жылы Бурынғы Аўқамның А.В.Квасницкий тәрепинен трансплантацияланған шошқа эмбрионы менен басланған ҳәм оннан бир жыл өткеннен кейин Д.Роусон (Кембридж, Англия) тәрепинен трансплантат бузаўлар алыныўына ерисилген.
Мәмлекетимизде шарўашылықтың тармақ сыпатында раўажланыў тарийхының байланыслылығынан келип шыққан ҳалда болса ҒМДА аймағында қарамаллар эмбрионы трансплантациясы 1975-жылы басланған болып, биринши трансплантант бузаўлар 1977-жылы алынған.
Соңғы жыллары болса эмбрион трансплантациясының әҳмийети селекция-нәсилшилик жумысларына геном селекциясының киргизилиўине байланыслы ҳалда және де артпақта. Себеби, оның нәтийжелилиги таңлап алынған сыйыр әўладларының санына тиккелей байланыслы. Әўладлар саны қанша көп болса, жоқары селекция индексине ийе лидерлер шығыў итималы сонша көп болады. Сол себепли, шарўашылық жоқары раўажланган Европа ҳәм Америкада нәсилли әўлад алыўда тийкарынан эмбрионларды көширип өткериў усылы кең қолланылмақта.
-Нәсилли қара малларды бағыў басқа қара малларға қарағанда айрықша күтимди, итибарды талап етеди. Рационы, күнлик азықланыў нормасы да өз алдына болады. Сондай-ақ, олардың климатқа бейимлесиўи қалай болады?
-Ҳақыйқатында да нәсилли қара малларды күтиў жергиликли қара малларға қарағанда өзгеше болады. Климат шараятына бейимлестириў аңсат емес, соның ушын илимий жақтан үйренип шыққан ҳалда ис-илажлар әмелге асырылмақта. Қандай болғанда бизиң шараятымызға бейимлеседи, қандай болғанда өнимдарлығы жақсы болады деген мәселелер үйренилмекте. Сондай-ақ, оларды от-шөп пенен тәмийинлеўде кәрханамыз ушын ажыратылған Хожели районы Әмиўдәрья АПЖ да от шөплерди таярлаў базамызда от-шөплерди егип таярлап жетистирип келмектемиз. Кәрханамыз 2017-жылдан баслап өзиниң жумысын баслаған болса, сол ўақытта 5 бас қара мал менен баслаған болсақ, бүгинги күнде бас саны жигирмадан асты. Жети түрдеги пародалы қара маллар бар. Пародалы маллардың бир-биринен өзгешелиги болып, олар районластырылған пародалар яғный, гөш бағдарындағы пародаларымыз мәселен арқа районларға кететуғын болса, сүт бағдарындағы пародаларымыз қубла районларға кетеди. Сондай-ақ, гөш-сүт беретуғын аралас түрдеги пародалар да бар. Жумысымыздың тийкарғы мақсети бул қарамаллардан лабораторияда «Ин-витро» усылында эмрион таярлаў ҳәм шарўашылыққа нәсилли материалларды жеткерип бериў болып есапланады. Буған талап жоқары. Себеби, усы күнге шекем нәсилли қара маллар сырт еллерден анағурлым қымбат валютаға алып келинген болса, усы жумыслар жолға түсип кетсе бизлер жергиликли ҳайўанға эмрионды көширип өткериў жолы менен биринши әўладтың өзинде нәсилли генетикалық имканиятары жоқары болған ҳайўанларды жеткерип бериў имканиятына ийе боламыз. Бул демек халықтың гөш ҳәм сүт өнимлерине болған талабын қаннатландырыў жолында үлкен адым деп есаплаймыз.

-Рустем сиз бул жерде жумыс ислеўиңиз бенен бирге илимий жумысларыңызды да алып барып атыр екенсиз. Лабораторияда алып барылып атырған илимий жумыслар негизинде қандай нәтийжелерди күтсек болады?
-Ҳақыйқатында да Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы шарўашылық ҳәм биотехнологиялары университетиниң Нөкис филиалының 1-курс таяныш докторантыман. Илимий жумысымды да усы жерде әмелге асырып атырман. Яғный, «Қарақалпақстан Республикасы шараятында жергиликли маллардың гөш өнимдарлығын асырыўда лимузин пародалы буғалардан пайдаланыў нәтийжелиги» атамасындағы илимий жумысымды алып барып атырман. Алып барылып атырған жумыслар нәтийжесинде жасалма туқымландырыў усылында биринши әўладта 0,25 процент, екиншиде әўладта 0,50, үшиншиде 0,75 , төртиншиде 0,87, 5 болатуғын болса , бесиншиге қарап бес әўладтан кейин өзимизге жергиликли шараятқа бейимлескен нәсилли пародаларды алатуғын болсақ, эмрион көширип өткериўде биринши әўладта нәсилли малларды алыў имканиятына ийе боламыз. Бул үлкен жетискенлик, шарўашылықта генетиканың шыңы деп айтсақ болады. Бул алдыға қарай бирден жети, сегиз қәдемди таслаў дегенди билдиреди. Бул бойынша тийисли жумыслар алып барылып атыр. Жақын арада үлкен нәтийжелерге ерисемиз деген үмиттемиз. Бул ушын барлық шараятларды жаратып берип атырған ел басшыларына өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.
Сәўбетлескен Гүлнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги