Жаңа тәртип-қағыйдалардың абзаллықлары түсиндирилди

138

Қанлыкөл районында жумыс алып барып атырған киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен Қарақалпақстан Республикасы  Салық басқармасының баслығы ҳәм қәнигелериниң ушырасыўы өткерилди.

Онда мәмлекетимиз басшысы тәрепинен киши ҳәм орта бизнес ўәкиллериниң тараўдың экономикадағы орнын арттырыў ҳәм раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў мәселелерине бағышланған ушырасыўында белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Мақсет – исбилерменлердиң машқалаларын нәтийжели шешиў, орынлардағы өндирислик кәрханалардың жумысларының турақлылығын тәмийинлеў, олардың жумысын кеңейтиў ҳәм сол арқалы қосымша жумыс орынларын жаратыў болып есапланады.

Ушырасыўда исбилерменлерден жеңилликлерден пайдаланыў, ҚҚСты қайтарыў ҳәм салық есабатларын тапсырыўға байланыслы мүрәжатлар келип түсти ҳәм сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде Қанлыкөл районында 1313 (соннан, 813 микрофирма, 27 киши кәрхана, 473 жеке исбилерменлер) киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери исбилерменлик пенен шуғылланып атыр.

Бюджет дәраматларына 2024‑жыл ушын белгиленген 4,8 млрд. сум прогноз көрсеткиши жыл жуўмағы менен 9,5 млрд. сумға (108,2%) орынланып, бюджетке қосымша 0,7 млрд. сум түсим тәмийинленди ямаса 2023‑жылға салыстырғанда 112 процентке, яғный 1,0 млрд. сумға өсим болды. Районда киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери тәрепинен 2024‑жылы 70,1 млрд. сум салық тѳленип, бюджетке жәми түсимдеги үлеси 54,4 процентти қурады.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Салық кодекси, Президентимиздиң тийисли қарар ҳәм пәрманларына муўапық ҳәм басқа да салық нызамшылығы хүжжетлерине тийкарланып, Қанлыкөл районында 2023‑жыл даўамында 547 киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери тәрепинен 19,0 млрд. сум салық жеңилликлери қолланылған болса, 2024‑жыл даўамында 739 киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери тәрепинен 38,4 млрд. сум салық жеңилликлери қолланылып, бул көрсеткиш 102,0 процентке  артты.

Бул қаржылар исбилерменлердиң ықтыярында қалдырылыўы нәтийжесинде олар тәрепинен исбилерменлик жумысларын және де кеңейтиўине мүмкиншилик жаратылып, жумысшылар санының артыўына ҳәм сол арқалы бәнтликке көмеклесиўге тийкар жаратылмақта.

Буның айқын дәлили сыпатында районда товар (хызметлер) реализациясы көлеми 6,2 млрд. сумға (1,2%), жумысшылар саны 1,1 мыңға (16,6%) асқанын атап өтиўимизге болады.

Президентимиздиң усы жыл 19‑март күнги ПП‑50‑санлы пәрманы менен 2025‑жыл 1‑майдан баслап “өзин‑өзи бәнт еткен пуқара ‑ жеке тәртиптеги исбилермен ‑ киши бизнес ‑ орта бизнес ‑ ири кәрхана” шынжыры тийкарында исбилерменлик субъектлериниң ирилениўин хошаметлеў бойынша механизмлер енгизилгенин де атап өтиўимиз керек. Яғный, өзин‑өзи бәнт еткен пуқаралар жеке тәртиптеги исбилермен ямаса юридикалық шахс сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилгенде мәмлекетлик бажы өндирилмейди. Өз жумысын жеке тәртиптеги исбилермен, микрофирма ямаса киши кәрхана категориясына шекем ирилендирип, өзин‑өзи бәнт еткен пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 50 миллион сумға шекем, киши бизнести үзликсиз қоллап‑қуўатлаў комплексли бағдарламасы шеңберинде 150 миллион сумға шекем гиреўсиз кредитлер бериледи. Ал, өз жумысын орта ямаса ири бизнес категориясына шекем ирилендирген исбилерменлик субъектлерине бир жыл даўамында қосымша қун салығы суммасының орнын қаплаў (қайтарыў) жети күн мүддетте тезлестирилген тәртипте әмелге асырылады.

Бул өзгерислер әлбетте, елимизде исбилерменлердиң саны көбейип, жаңа жумыс орынларының жаратылыўына ҳәм экономикамыздың раўажланыўына тийкар жаратады.

Илажда салық ҳәкимшилигине әмел етип жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған бир топар салық төлеўшилерге миннетдаршылық билдирилип, естелик саўғалары тапсырылды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.