Медициналық билимлендириў ҳәм әмелиятты жетилистириўде және бир әҳмийетли қәдем

Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалындағы симуляциялық оқыў орайында медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў, жас қәнигелердиң әмелий көнликпелерин раўажландырыў мақсетинде гезектеги оқыў-тәрбия сабақлары шөлкемлестирилди.
Мастер-классқа реаниматолог ҳәм хирургия бағдарындағы тәжирийбели шыпакерлер қатнасты. Олар клиникалық ординаторлар ушын жүрек-өкпе реанимациясы, қәўипли жағдайларда жедел ҳәм дурыс ҳәрекет етиў, заманагөй медициналық үскенелерди нәтийжели қолланыў сыяқлы мәселелерде әмелий сабақлар өткерди.

Симуляциялық орайдың жоқары технологиялар менен үскенеленген орталығында қатнасыўшылар өз билим ҳәм көнликпелерин және де беккемлеў имканиятына ийе болды. Заманагөй симуляторлар арқалы өмирге қәўип туўдыратуғын жағдайларда қандай ҳәрекет етиўи, наўқасқа биринши медициналық жәрдем көрсетиў ҳәм қыстаўлы реанимация процесслери әмелде көрсетилди.
Клиникалық ординаторлар мастер-класс даўамында тек теориялық билимлерди емес, ал әмелиятқа жақынласқан орталықта реал жағдайлар арқалы тәжирийбе алмасты. Бул болса олардың келешектеги кәсиплик жумысында таярлық дәрежесин арттырыўға хызмет етеди.

Оқыў даўамында, жүрек-өкпе реанимациясының барлық басқышлары толық көрсетилди, симуляторлар арқалы наўқастың жағдайына оператив ҳәм дурыс қатнас көрсетилди ҳәм реал медициналық үскенелер жәрдеминде заманагөй технологиялардан пайдаланыў усыллары үйретилди.
Илаждың тийкарғы мақсети – жас қәнигелердиң әмелиятқа жақын көнликпелерин раўажландырыў, оларды реал медициналық жағдайларға таярлаў ҳәм жәмәәтлик бирге ислесиўди беккемлеўден ибарат. Бундай илажлар арқалы жас қәнигелер тек ғана билим емес, ал тәжирийбели әмелиятшы болыўы ушын да әҳмийетли қәдем таслайды.


Илаж даўамында қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.