Өзбекстан-Грузия: салық ҳәм бажыхана ҳәкимшилигин жетилистириў бағдарында бирге ислесиў күшеймекте

123

Жақында экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары Аҳадбек Ҳайдаров басшылығындағы Өзбекстан делегациясы әмелий сапар менен Грузия Республикасында болды. Бул ҳаққында министрликтиң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Сапар етиў шеңберинде бюджет-салық ҳәм бажыхана сиясаты және ҳәкимшилигине байланыслы бир қатар ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер өткерилди.

Делегация ағзалары Грузия Қаржы министриниң орынбасарлары Мамука Бараташвили ҳәм Екатерине Гунсадзе, сондай-ақ, Грузия Дәраматлар хызмети директорының биринши орынбасары Паата Киладзе менен ушырасты. Сөйлесиўлер ўақтында Грузияда әмелге асырылған салық ҳәм бажыхана тараўларындағы реформалар, орта ҳәм узақ мүддетли стратегиялар, олардың нәтийжелилиги және ерисилген нәтийжелер бойынша пикир алысылды.

Сондай-ақ, салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин баҳалаў усыллары, санлы технологияларды енгизиў, қосымша қун салығы системасын жетилистириў, қәўип-қәтерге тийкарланған қадағалаў ҳәм аудит усылларын енгизиў, сондай-ақ, бюджет-салық түсимлери ушын бирден-бир қазна есап бетин енгизиў мәселелеринде Грузия тәжирийбеси үйренилди. Бул мәселелер бойынша Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар менен салыстырмалы таллаўлар да өткерилди.

Буннан тысқары, делегация Грузия бажыхана уйымлары менен ушырасыўлар өткерип, бажыхана ҳәкимшилигиндеги соңғы реформалар, санластырыў процесслери, шегара қадағалаўы, автотранспорт қуралларын рәсмийлестириў, қәўип-қәтерлерди басқарыў ҳәм мақсетли тексериўлерди әмелге асырыў системалары бойынша тәжирийбе алмасты.

Сапар етиў даўамында Өзбекстан делегациясы “Садахло” шегара бажыхана посты ҳәм “Тбилиси” бажыхана рәсмийлестириў зонасының жумысы менен жақыннан танысты.

Сапар етиў жуўмақларына бола, Грузия Қаржы министрлиги ҳәм Өзбекстанның тийисли министрликлери менен уйымлары арасында бюджет-салық сиясатын белгилеў, макроэкономикалық прогнозларды әмелге асырыў, исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлер көрсетиў және салық ҳәм бажыхана ҳәкимшилигин жетилистириў тараўларындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша келисимге ерисилди.

ӨзА