Парадзюдошылардың кубоктағы табысы

156

Ташкент қаласында спорттың пара дзюдо түринен ересеклер ҳәм жаслар арасында Өзбекстан кубоги жарысы болып өтти.

Мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан парадзюдошылар қатнасқан бул жарыста бизиң республикамыз жаслары да табыслы қатнасып қайтты. Атап айтқанда, қызлар арасында болып өткен беллесиўлерде Шахсанем Қошқарова биринши, Бийбиназ Оразбекова екинши орынларды ийелеген болса, жигитлер арасында Яшнарбек Янгибаев гүмис, Руслан Сулайманов қола медальларын жеңип алыўға миясар болды.

Жас парадзюдошыларымызды бул жарысқа Садық ҳәм Арзыўбай Қайыповлар таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.