Нөкисли қыз Германияда сыйлы орынды ийеледи

231

Германияның Бонн қаласында мектеп оқыўшылары арасында European GirlsOlympiad in Informatics (EGOI) жарысы болып өтти. Дүнья жүзиниң 55 мәмлекетинен 300 ге шамалас оқыўшылар қатнасқан бул жарыста Өзбекстан сайланды командасы да мүнәсип түрде де қатнасып, бир неше сыйлы орынларды ийелеўге миясар болды.

Қуўанышлы тәрепи сонда, сайланды команда қурамында Нөкис қаласындағы 1-санлы қәнигелестирилген мектеп-интернатының 9-класс оқыўшысы Малика Хожамуратова да қатнасып, қола медалын жеңип алыўға миясар болды.

– Оқыўшымыз Малика Хожамуратованың  бул жетискенлиги пүткил Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан жасларының табысы болды,-дейди усы мектеп директоры Марат Ибрайымов.- Маликадай қәбилетли, мийнетсүйгиш, умтылыўшаң жаслардың бундай жетискенлиги ҳәммемизге мақтаныш бағышлап, оқыўшыларымызды алға қарай умтылдырады.

Соны айтып өтиўимиз керек, Малика Хожамуратова Ташкентте School 21 кампусында өткерилген  ICT4Girls  олимпиадасының Республикалық басқышында 1-орынды ийелеген болса, усы жылдың 11-17-апрел күнлери Косова Республикасында Европа қызлар математика олимпиадасында да қола медальды жеңип алған еди.

Ол Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев тәрепинен «Үмит ушқыны» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Билимли ҳәм излениўшең оқыўшы Малика Хожамуратованы устазлары Зарафшан Абдирашитова, Руслан Турумбаев ҳәм Наргиза Утениязовалар таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.