Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң есабат-сайлаў VIII конференциясы болып өтти

Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплексинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниӊ есабат-сайлаў VIII конференциясы болып өтти.
Конференцияда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң 2020-2025-жыллардағы ислеген жумыслары ҳаққындағы есабаты тыңланды ҳәм кәсиплик аўқам шөлкемлериниӊ алдағы ўазыйпалары белгилеп алынды.

Конференцияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы А.Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси сенаты ағзасы, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының баслығы Қ.Рафиқов, бир қатар министрликлер менен басқармалардың ўәкиллери, конференция делегатлары қатнасты.
Атап өтилгениндей, бүгинги VIII Конференция Өзбекстан кәсиплик аўқамлары дүзилгенлигиниң 120 жыллық юбилей жылында өткерилип атыр. 120 жыл – бул жүдә айрықша сәне, сондай-ақ бул табыслар ҳәм жетискенликлерди додалаўға, исленген жумыслардың нәтийжелерин баҳалаўға ҳәм алдағы ўазыйпаларды белгилеп алыўға мүмкиншилик беретуғын жақсы себеп.

Өзбекстан кәсиплик аўқамларының тарийхый жолы өз ишине мийнет адамларының социаллық-экономикалық мәплерин ҳәм ҳуқықларын қорғаў, мийнеткешлерди ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын саўалландырыў, кәсиплик аўқам ағзалығына тартыў ҳәм оны сақлап қалыў, социаллық шериклер менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў, жәмәәтлик шәртнамалар арқалы кәсиплик аўқамлары ағзаларының мийнет мәплерин ҳәм ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм кейинги жыллары ҳәттеки суд арқалы қорғаў жумысларын да қамтыды.
Әсиресе, Президентимиздиң 2020-жылы Өзбекстан кәсиплик аўқамларының VIII Қуралтайына жоллаған қутлықлаўы ҳәм Қуралтай өткерилип атырған сәне 11-ноябрьди “Кәсиплик аўқамлары күни” сыпатында белгилеў усынысын бергени Өзбекстан кәсиплик аўқамлары тарийхында айрықша орын тутады.

Өткен есабат дәўири даўамында кәсиплик аўқамлары республикамыздағы ең үлкен пуқаралық жәмийети институтларының бири сыпатында усы бағдарда социаллық шериклик принциплери тийкарында жумыс алып барып үлкен жетискенликлерге ерискенлиги, соның менен бирге, кәсиплик аўқамлары ҳүкиметимиздиң ең жақын бирге ислесиўши ҳәм исенимли шериклеси сыпатында мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық мәплерин қорғаўда, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў жумысларында үлкен үлесин қосып келгенлиги атап өтилди.
Атап айтқанда, өткен жылларда белгиленген мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәм қабыл етилген илажлар тийкарында ислеўшилер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, ҳаял-қызлар, жаслар, сондай-ақ, айрықша социаллық қорғаўға мүтәж инсанлар, соның ишинде майыплар, кексе адамлар, жас өспиримлер, пенсионерлер, интернационалист-жаўынгерлер, Чернобыл апатшылығы қатнасыўшыларын социаллық жақтан қорғаў бойынша жумыслар күшейтилди. Өткен бес жылдың ишинде усы категориядағы 60833 адамға мийнет жәмәәтлеринде қабыл етилген жәмәәтлик шәртнамалар арқалы 20 млрд. 131 млн. 885 мың 70 сўм муғдарында жәрдем көрсетилди.

Қарақалпақстанда мийнет ҳәм социаллық-экономикалық мәселелерди шешиў социаллық шерикшиликтиң механизмлери болған – ҳүкимет, қәсиплик аўқамлары ҳәм саўда-санаат басқармасы арасында Аймақлық жәмәәтлик келисим, 8 тараўлық жәмәәтлик, 17 жәмәәтлик келисимлер ҳәм 7480 жәмәәтлик шәртнамалар қабыл етилди.
Есабат дәўиринде кәсиплик аўқамлары шөлкемлери тәрепинен мийнет ҳақы, пенсия, стипендия, мәжбүрий ҳәм компенсациялық төлемлердиң өз ўақтында төлениўин әмелге асырыў бойынша алып барылған мониторинг анализи мийнет ҳақыдан қарыздарлықты сапластырыў мәселелери бойынша жумыс бериўшилерге 11 мәрте, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларына 4 мәрте рәсмий талапнамалар қойылды ҳәм нәтийжеде 21 млрд. 959 млн. сумнан аслам мүддети өткен қарыздарлықлар өндирилди.

Өткен есап бериў дәўиринен баслап бүгинги күнге шекем Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясыныӊ Қарақалпақстан Кеңесине юридикалық ҳәм физикалық тәреплерден жәми 2541 мүрәжат келип түсти. Бул өткен есабат дәўири менен салыстырғанда дерлик 50 процентке көбейгенлигинен дәрек береди. Есап-бериў дәўиринде 729 мүрәжат кәсиплик аўқамларының усыныслары ҳәм судларда көрип шығылыўы менен толық қанаатландырылды. 1680 мүрәжат ийесине мийнет хуқықлары бойынша түсиниклер берилди. 61 мүрәжат тийислилиги бойынша басқа ўәкилликли уйымларға жиберилди.
Кәсиплик аўқамлары тәрепинен өткен жылларда бир қатар акциялар өткерилип, республикамызда жайласқан балалар меҳрибанлық үйлери, майыплар үйлери, әскерий бөлимшелер, мектеп-интернат тәрбияланыўшылары, жалғыз баслы кекселер, кем тәмийинленген шаңарақлар, жетим оқыўшыларға, урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларға қәўендерлик-қайырқомлық жәрдемлери көрсетилди.

Конференцияда Бирлеспе Кеңесиниң Тексериў комиссиясының есабы тыңланды ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң есабат дəўириндеги жумыслары қанаатландырарлы деп табылды ҳәм алдағы ўазыйпалары белгилеп алынды.
Мәжилис жуўмағында, делегат жасырын даўыс бериў жолы менен Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы ҳәм оның орынбасарын сайлады.
Сайлаў нәтийжелерине бола, Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы лаўазымына Улықбек Жалменов ҳәм оның орынбасары лаўазымына Муратбай Данияров ҳәм атқарыў комитети, тексериў комиссиясының ағзалары ҳәм баслығы сайланды.


Соның менен бирге, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының IХ Қуралтайына делегатлар сайлады ҳәм Бас кеңес қурамының ўәкиллерин де тастыйықлады.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳәбибуллаевтың түсирген сүўретлери