Нызамсыз қурылған имарат ҳәм объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў қалай әмелге асырылмақта?

Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасында баспасөз конференциясы өткерилди. Онда Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары П.Сейтмуратов ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары Г.Турдыбаевлар тараўда 2025-жылдың 6 айы даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм Өзбекстан Республикасының 2024-жыл 5-август күнги «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имарат ҳәм объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы нызамға муўапық әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, усы нызамға тийкарланып Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессия қарарлары менен өзбасымшалық пенен қурылған бир қатар турақ жайларға ҳәм артықша ийелеген жер майданларында курылған курылмалар менен имаратларға, жәми 291 пуқараның турақ жайларына ҳәм жер участкаларына ижара ҳәм мүлк ҳуқықлары тән алынды.

Ҳәзирги күнде бул бағдардағы жумыслар даўам еттирилип, кадастр қәнигелери тәрепинен 40 мың 974 көшпес мүлк имаратлары хатлаўдан өткерилип, 14 мың 274 объект E’TIROF мәлимлеме системасына киргизилди. Ал, 12 мың 250 объект ҳәзирги ўақытта додалаўда, 1069 объект ҳаққындағы мағлыўматлар kadastr.uz сайтында ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында жәрияланды. 287 объект Әдиллик уйымлары тәрепинен үйренилмекте, 228 көшпес мүлк қайта көрип шығылмақта, 119 объект ийелериниң нызамда көрсетилген бир мәртелик төлемлерин төлеўи күтилмекте ҳәм 10 көшпес мүлк бойынша материаллар ҳуқықларын тән алыў ушын жергиликли кеңеслерге усынылған.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасында 2009 жағдайда, жәми 136 гектар жер майданы нызамсыз ийеленгени анықланды. Атап айтқанда, өткен алты ай даўамында нызамсыз ийеленген жағдайлардан 1121 жағдай, яғный 52 гектарлық жер майданы өз қәлпине келтирилди. Сондай-ақ, 675 жағдайда 39,2 гектар жер майданы бойынша судларға даўа арзалары киргизилди. Буннан тысқары, 44 жағдай бойынша тийисли ҳүжжетлер Прокуратура уйымларына усынылды. Қалған жағдайлар бойынша ўәкилликли уйымлар менен биргеликте ҳуқықый илажлар даўам еттирилмекте.

Қарақалпақстан Республикасында 2025-жылдың өткен 6 айы даўамында Мәмлекетлик кадастрлар палатасы басқармасы ҳәм оның аймақлық филиаллары тәрепинен 31 мың 303 жер участкасы ҳәм көшпес мүлкке кадастр паспорты таярлап берилди. Қарақалпақстандағы 49 мың 443 жер участкасы ҳәм көшпес мүлкке болған ҳуқықлар мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында жәми 476 мың 165 кадастр ҳүжжетлери архивлерде сақланбақта. Соннан, 474 мың 152 ҳүжжет электрон форматқа өткерилди.

Быйыл Төрткүл, Беруний, Елликқала районларында да заманагөй мобиль стеллажлар орнатылып, Нөкис қаласы, Мойнақ, Қоңырат, Елликқала районларында архив кадастр ҳүжжетлерин санлар бойынша қайта тәртипке салыў жумысларын әмелге асырыў режелестирилмекте.
2025-жылдың 6 айы даўамында исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысларын әмелге асырыўы ушын, жәми 2754 жер участкасы бағдарламаға киргизилди. Соннан, 408 жер майданы (29,97 гектарлық жер участкасы) сатыўға қойылып, 90 жер участкасы сатылды. Жеке тәртипте турақ жай қурыў ҳәм турақ жайды абаданластырыўы ушын ажыратылған жер участкаларынан, жәми 417 жер участкасы бағдарламаға киргизилип, соннан 45 жер орны аукционда сатыўға қойылды ҳәм 28 жер участкасы сатылды.

Баспасөз конференциясында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.