Дөретиўшилик сапар, үлкен жаңалықлар ҳәм имканиятлар

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жәмәәтиниң Грузияның Чохатаури қаласына дөретиўшилик сапары шеңберинде Нино Рамишвили Мәденият сарайында грузин жазыўшысы Нодар Думбадзениң қәлемине тийисли, режиссёр М.Реймов сахналастырған «Мен, кемпир апам, Илико ҳәм Илларион» атлы романтикалық комедияны грузин тамашагөйлерине көрсетти,-деп хабар береди усы театрдың мәлимлеме хызмети.
Спектакльден соң тамашагөйлер театр жәмәәтине өзлериниң унамлы пикирлерин билдирди. Бул сахналық шығарма актёрлар ушын тәжирийбе алмасыў имканиятын да жаратты. Бундай дөретиўшилик ушырасыўлар Өзбекстан ҳәм Грузия арасындағы мәдений байланысларды беккемлеў менен бирге, көркем өнер ғайраткерлери ушын профессионал өсиў ҳәм жаңа сахналық излениўлерге жол ашады.

Грузиядағы дөретиўшилик сапардан умытылмас мәўритлер, мәдений байланыслар, жаңа сахна, жаңа тамашагөй – ҳәммеси актёрларымызға илҳам бағышлады. Соны да айтып өтиў керек, Н.Думбадзе әне, усы – Чохатаури қаласында туўылған болып, оның балалық естеликлери, халықлық образлар ҳәм ҳәзил аралас дөретпелери шығармаларында терең сәўлеленгенин атап өтиў керек.

Ең итибарлысы, бул көркем өнер сапары халықаралық журналистлердиң итибарынан да шетте қалмады. “Дүнья жаңалықлары” рубрикасында сәўлеленген материалларда спектакль жоқары баҳаланды. Театр директоры П.Мамутов, бас режиссёр М.Реймов ҳәм актёрлар менен интервьюлер өткерилип, қарақалпақ сахна көркем өнери ҳаққында айрықша репортажлар таярланды.

Сапар даўамында Грузия мәмлекетиндеги Александр Цуцунава атындағы Озургети мәмлекетлик профессионал драма театрының директоры ҳәм көркемлик жақтан жетекшиси Васил Чигогидзе ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының директоры П.Мамутов арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Бул келисим еки театр арасындағы дөретиўшилик байланысларды беккемлеў, мәдений тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў ҳәм көркем өнер тараўында жаңа жойбарларды биргеликте әмелге асырыўға хызмет етеди. Меморандум шеңберинде спектакльлерди алмасыў, сахна көркем өнери шеберлери арасында шеберлик сабақларын өткериў, музыкалы-драмалық шығармаларды сахналастырыўда биргеликтеги басламаларды жолға қойыў режелестирилген.

Бул баслама еки халық арасындағы дослық қатнасықлар ҳәм мәдений байланысларды буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғыны менен әҳмийетли.
Грузия сапары театрымыз ушын жоқары дәрежеде табыслы жуўмақланды. Бул халықаралық фестиваль тек ғана дөретиўшилик сапар емес, ал үлкен жаңалықлар ҳәм имканиятлар менен есте қалды. Фестиваль даўамында түрли мәмлекетлердиң театрлары менен байланыслар орнатылды. Ең қуўанышлысы – 30 ға шамалас театрлардың ишинен бизиң театр “Фестивальдың арнаўлы сыйлығы” менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.