Жаңа объектлер аўыллардың келбетин пүткиллей өзгертпекте

Соңғы жылларда Президентимиздиң Қарақалпақстанға айрықша итибарының нәтийжесинде республикамыздың барлық қала ҳәм районларында халықтын турмысын жақсылаў, абаданластырыў, ири қурылыс-оңлаў жумыслары, инфраструктураны жақсылаў бағдарында ири жойбарлар әмелге асырылмақта. Нөкис қаласы ҳәм район орайларының, ҳәттеки шетки аўыллардың да келбети пүткиллей унамлы тәрепке өзгерип, кең көлемли абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.
Қоңырат районында да Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 29-марттағы “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында”ғы қарары тийкарында “Зарбдор” тәжирийбеси тийкарында “драйвер” жойбарлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларына муўапық, район орайындағы Азатлық МПЖдағы мәденият ҳәм дем алыў бағына ҳәм усы аймақтағы социаллық тараў объектлерине алып барыўшы “Тумарис” көшесиниң архитектуралық көринисин заманагөйлестириў ҳәм абаданластырыў (2 километрлик дренаж ҳәм 1 километрлик пиядалар жолын қурыў) режелестирилген болып, ҳәзирги ўақытта «QQ TAMIRLOYIHA» ЖШЖ тәрепинен жойбарлаў-смета ҳүжжетлери ислеп шығылып, экспертиза жуўмақлары алынды, комплексли экспертиза жуўмақлары алынбақта. Сондай-ақ, “Жиңишке” каналының 2,5 километрлик бөлегинде жағалық бойы хызметин шөлкемлестириў есабынан 120 саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларын шөлкемлестириў (5 км. пиядалар жолы, 144 түнги жақтыландырыў шырақларын қурыў, 5 км. темир пәнжерелер орнатыў) белгиленген болып, бул объектте «QQ TAMIRLOYIHA» ЖШЖ тәрепинен жойбарлаў-смета ҳүжжетлери ислеп шығылмақта. Мастер-режеге муўапық, объекттиң бас режеси халықаралық жойбарлаў шөлкеми (Студио-вертебра) менен келисилмекте.
– Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 10-апрельдеги “Басламалы бюджетлестириў әмелиятын буннан былай да жетилистириў ҳәм белсенди мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында “Ашық бюджет” бағдарламасы шеңберинде Қоңырат районында бир қатар объектлерде қурылыс жумыслары алып барылмақта,-дейди район ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалығы, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары И.Қучқаров.
Атап айтқанда, улыўма баҳасы 7343,4 миллион сумлық, (тендер баҳасы 6359,1 миллион сум) жәми 8 объектте қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта. Бүгинги күнге шекем 5991,3 сумы қаржыландырылып, июнь айының жуўмағы менен 86 проценттен аслам жумыс көлеми орынланды.

Соннан, Қаратал МПЖдағы 41-санлы мектепке үш мини стадионды жәмлеген универсал спорт майданшаларын (газон, волейбол-баскетбол ушын резина қапламалы майданшасы ҳәм ўоркоут майданшасын) қурыў бойынша жумыслар режелестирилип, футбол майданшасының газонын желимлеў жумысларын орынланбақта. Волейбол ҳәм баскетбол майданшасының резина қапламасы төселип, сызықлары сызылмақта. Автопарковка орнының бетонлары қуйылды.
Режедеги Қоңырат районы қәнигелестирилген мектеп-интернаты оқыўшыларының бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм спорт пенен шуғылланыўы ушын жасалма қапламалы футбол (газон), баскетбол, волейбол майданшасын қурыў ҳәм мектеп-интернат әтирапын темир пәнжере менен қоршаў жумыслары толық орынланды.
“Жинишке” МПЖдағы 43-санлы мектепке волейбол-баскетбол ушын арнаўлы резина қапламалы спорт майданшаларын ҳәм воркоут майданшасын қурыў, Хорезм АПЖ аймағында жайласқан Қоңырат районы медицина бирлеспесине қараслы 22-санлы Шаңарақлық поликлиникасын капитал оңлаў жумысларын алып барыў, Азатлық МПЖ аймағындағы “Жаслар орайы”на жасалма қапламалы 22х42 м. өлшемли киши футбол спорт майданшасын қурыў, 14-, 36-, 46-санлы мектеплерде оңлаў ҳәм материаллық-техникалық базасын раўажландырыў илажлары да толық жуўмақланды.
Ал, “Басламалы бюджет” бағдарламасы шеңберинде районда 2025-жылдың 1-басқышында улыўма баҳасы 10180,0 миллион сумлық қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў режелестирилген.
Атап айтқанда, Қоңырат Әбиў Әлий ибн Сина атындағы жәмийетлик саламатлық техникумының оқыў имараты ҳәм оқыўшылар турақ жайының қазанханаларын, ишки ысытыў системаларын заманагөй аз қуўатлылықта ислейтуғын электр ҳәм газ үнемлеўши қазанларға алмастырыў, Бердақ МПЖдағы 40-санлы мектептиң спорт залы ҳәм ысытыў системасын оңлаў. жасалма қапламалы спорт майданшасын (газон) қурыў режелестирилген болып, тендер жумыслары жуўмақланып, қурылыс материаллары топланбақта.

Райондағы 39-санлы ҳәм 38-санлы мектеп имаратын ағымдағы оңлаў ҳәм 460 метр темир пәнжере орнатыў. 37-санлы мектепте баскетбол-волейбол ушын мөлшерленген резина спорт майданшасын қурыў ҳәм мектеп әтирапын темир пәнжере менен ораў, 14-санлы мектепте универсал спорт майданшаларын, яғный жасыл қапламалы футбол майданшасын ҳәм баскетбол-волейбол ушын мөлшерленген резина спорт майданшасын қурыў, 41-санлы улыўма билим бериў мектеплериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў илажлары бойынша тендер жумыслары жуўмақланып, дәслепки қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Районда халықтың турмысын жақсылаў, абаданластырыў, ири қурылыс-оңлаў жумыслары қызғын даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қрақалпақстан хабар агентлиги.