Мәҳәлледеги машқалалар шешимин таппақта

145

Президентимиздиң “Депутатқа исеним – халыққа исеним” деген сөзлери бүгин депутатлардың абырайын арттырып, олардың, халық арасында айрықша орны бар екенлигин көрсетти. Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының аймақлар инфраструктурасын жақсылаў, халықтың мүнәсип шараятта жасаўын тәмийинлеў бағдарында белгилеп берген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў процесин үйрениў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 52-санлы “Ақманғыт” сайлаў округинен сайланған депутат Алишер Джуманазаров  Нөкис районы “Үлгили мәкан” МПЖда болды.

Халық ўәкили мәҳәлледеги бар машқалаларды үйренип, оларды унамлы шешиў ушын ҳәрекетлерди баслап жиберди. Атап айтқанда, “Едиге батыр 2” көшесиндеги жыллар даўамында гөнерген 9 дана ағаш сым бағаналарын бетон бағаналарға алмастырып, 400 метрлик Сип кабель тартыўда әмелий жәрдем көрсетти.

– Көшемизге электр тоги ушын бетон бағаналар қурып берип атыр, Рахмет. Усы күнге шекем ағаш бағана менен жасап киятыр едик. Қорқатуғын едик ҳәр қар, жаўын жаўған сайын балаларымыз астынан өтсе. Елимизге, депутатымыз халқымызға үлкен жақсылық ислеп атыр берекет тапсын. Бул ислеп атырған қалыс иси ушын тек ғана көшемиз емес, ал барлық мәҳәлле халқы миннетдар, – дейди көше турғыны Адилбай Даўлетниязов.

Бул ийгиликли истиң мақсети халықтың разылығын тәмийинлеў арқалы турмысын абат етиў. Усы бағдарда аймақлардағы халықтың мәселелерин унамлы тәрепке өзгертиўге үлес қосып атырған депутатлардың ислери  ҳәр қандай мақтаўға арзыйды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги