Нөкис қаласында “Исбилермен ҳаял” таңлаўы болып өтти

153

ӨзЛиДеП Нөкис қалалық Кеңеси бүгин өз қатарына 5 200 ден аслам ҳаял-қызды бирлестирген. Өткен дәўир даўамында Кеңес тәрепинен ҳаял-қызлардың экономикалық, ҳуқықый билимлерин арттырыў, қайта кәсипке бағдарлаў, жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм шаңарақлық кәрханаларды шөлкемлестириў бағдарында бир қатар ийгиликли жумыслар әмелге асырылды.

“Жаңа Өзбекстанның дөретиўши ҳаял-қызлары” сүрени астында “Исбилермен ҳаял – 2025” таңлаўының гезектеги қалалық басқышы Нөкис қаласындағы 20 мәкан пуқаралар жыйынларында өткерилген таңлаўдың “Мәҳәлле басқышы” жеңимпазлығын қолға киргизген исбилермен ҳаял-қызлар арасында өткерилди. Онда Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты Ырысты Қуттымуратова, Нөкис қалалық шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Разия Қурбанова, Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары Жамила Егамбергенова ҳәм Қарақалпақстан Фермерлер Кеңесиниң хызметкери Гүлжахан Айназарова ҳәм партия белсендилери қатнасты.

Таңлаў шеңберинде мәмлекетимиздиң раўажланыўы ҳәм халықтың абаданлығы жолында белсене қатнасып атырған күш-ғайратлы, излениўшең, интакер, потенциаллы фермер ҳәм исбилермен ҳаял-қызлар басшылығындағы кәрханалардың өнимлери, хызмет көрсетиў шақапшаларының жумысын сәўлелендириўши көргизбе шөлкемлестирилди.

Бул таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет – мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалар, сиясий процесслердиң мазмун-мәнисин ҳаял-қызлар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, экономикамызды көтериў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўға мүнәсип үлес қосып атырған ҳаял-қызларымызды хошаметлеў болып табылады.

Сондай-ақ, илаж даўамында аймақларда ҳаял-қызлар арасында шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, мәмлекет экономикасында олардың қатнасыўындағы жеке меншик сектордың үлесин ҳәм әҳмийетин арттырыў, жәмийетте ҳаял-қызлар исбилерменлигин жаңа басқышқа алып шығыў, алдынғы тәжирийбелерди ғалаба ен жайдырыў, кәсиплик шеберлик ҳәм билим дәрежесин арттырыў ушын зәрүр шараят жаратыўдан ибарат.

– Таңлаўдың районлық-қалалық басқышларында қатнасыўшылардың саны жыл сайын көбейип бармақта, – дейди ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң Ҳаял-қызлар машқалаларын үйрениў ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў бөлиминиң баслығы Шахзада Абдираманова. -Қуўанышлысы олардың арасында жас исбилермен қызларымыз да бар. Мине, усы жылы да онға шамаласы қатнасып атыр. Баҳалаў процесинде көп тармақлы өндиристи раўажландырыў ҳәм турақлы жумыс орынларын жаратыўдағы белсендилиги, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў бағдарындағы басламалар итибарға алынды. Халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламы болған майыплар, қараўсыз кекселер, кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық, руўхый жақтан ғамхорлық еткен, исбилерменлик ҳәм фермерлик жумысын раўажландырыў мақсетинде жаңа инновациялық жойбарлардан нәтийжели пайдаланған ҳалда “Ҳаял-қызлар дәптери,” “Жаслар дәптери”не киргизилген пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеген исбилермен ҳаял-қызлар таңлап алынды.

Таңлаў нәтийжелерине муўапық, Улбасын Жумамуратова 1-орынды, Камар Изимбетова 2-орынды, Лейла Доспанова 3-орынды ийеледи. Ҳәр бир қатнасыўшы таңлаўда өзиниң әмелий тәжирийбеси, жаратқан жумыслары ҳәм ерискен нәтийжелери арқалы дөретиўшилик ҳәм интакерлик потенциалын көрсетти.

Атап айтқанда, Нөкис қаласының “Шымбай шайхана” мәҳәллесинде жасаўшы жеке исбилермен Улбосын Жумамуратова 20 жылдан аслам ўақыт даўамында үй перделерин тигип, шәкирт таярлап, оларды кәсипке үйретип келмекте. Ҳәзирги күнде үйиниң жанында бир тигиў цехы ҳәм дүканын ашып, 10 ҳаял-қыздың бәнтлигин тәмийинлеген, 100 ден аслам шәкиртлери бар.

Таңлаў жуўмағында илажда қатнасқан барлық исбилермен ҳаял-қызлар ӨзЛиДеП Нөкис қалалық Кеңесиниң диплом, ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Амангул ЕСЕМУРАТОВА –

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси

“Жәмийетшилик пенен байланыслар, мәлимлеме сиясаты ҳәм идеологиялық ислер бөлими баслығы

Қарақалпақстан хабар агентлиги