Жаслар бәнтлигине итибар күшеймекте

117

Бүгинги күнде жаслардың билим алыўы, кәсип иелеўи ҳәм еркин турмысқа қәдем қойыўына жәрдемлесиў – мәмлекетлик сиясаттағы тийкарғы бағдарлардан бири болып есапланады. Орынларда бул бағдарда ҳуқық қорғаў уйымлары да белсене қатнаспақта. Әсиресе, жәмлеспеген, жумыссыз жасларды анықлаў ҳәм оларды социаллық турмысқа тартыў арқалы ҳәр қыйлы бағдарларда қоллап-қуўатлаў жумыслары кеңеймекте.

Усы мәниде, Төрткүл районында да жаслар менен мәнзилли ислесиў бойынша жаңа әмелий қәдемлер қойылмақта. Район прокуроры Н.Джоламанов райондағы өзине бириктирилген жәмлеспеген жаслардың жасаў мәнзиллерине барып, олар ҳәм ата-аналары менен жеке сәўбетлести, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.

Мәҳәлледеги усындай ушырасыўлар шеңберинде жаслардың турмыста мүнәсип орын табыўына жәрдемлесиў, оларды кәсип-өнерге ҳәм шет тиллерине үйретиў, жумысқа жайластырыў ҳәм исбилерменлик жумысын баслаўда әмелий жәрдем көрсетиў тийкарғы мақсет етип белгиленди.

Сәўбетлесиўлер даўамында жаслардың машқалалары тыңланды, оларды социаллық турмысқа жедел тартыў бойынша усыныслар берилди.

Бул баслама жаслар менен системалы ислесиўде ҳуқық қорғаў уйымларының белсене қатнасыўы үлкен әҳмийетке ийе екенин және бир мәрте көрсетеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги