Имканиятлар өз нәтийжесин бермекте

Бүгинги күнде мәмлекетимизде жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың басламаларын хошаметлеў ҳәм өз жумысын баслаўына имканият жаратыў мәмлекетлик сиясаттың әҳмиетли бағдарларынан бирине айланды. Әсиресе, жеңиллетилген кредитлер, оқыў курслары ҳәм жергиликли жетекшилердиң жәрдеминде өз жумысын баслап атырған жаслардың саны жыл сайын артып бармақта.
Усындай жаслардан бири – Боёвул мәҳәллесинде жасайтуғын белсенди ҳәм интакер Даврон Гулмонов. Ол өзиниң мийнет сүйгишлиги ҳәм умтылыслары менен заманласларына өрнек болмақта. Жаслар жетекшисиниң жәрдеминде Даврон 100 миллион сумлық жеңиллетилген кредит алып, жумсақ мебельлер ислеп шығарыўды жолға қойды.

Бул имканияттан үнемли пайдаланып, қысқа ўақыт ишинде заманагөй устахананы иске қосты. Ҳәзирги ўақытта бул кәрханада 5 жас турақлы жумыс орны менен тәмийинленген. Бул болса тек ғана Давронның жеке табысы емес, ал мәҳәлледе социаллық турақлылық ҳәм жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўде әҳмийетли қәдем болды,-дейди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
– Келешекте жумысымызды кеңейтип басқа да мебельлерди ислеп шығарыўды мақсет етип қойғанбыз, – дейди жас исбилермен.
Жасларға жаратылып атырған имканиятлар ҳәм олардың белсендилиги келешектеги раўажланыў ушын беккем тийкар жаратып бермекте. Даврон Гулмоновтың басламасы болса буның айқын мысалы болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги