Блогерлик балалар ушын дөретиўшилик пе ямаса басым ба?

Пикир
Соңғы жыллары социаллық тармақларда блог жүргизетуғын балалардың саны сезилерли дәрежеде артты. Инстаграмда профессионал тәризде жумыс алып барып атырған балалар бүгин тек ғана контент ислеп шығарыўшы емес, ал ири брендлер менен бирге ислесип атырған ҳақыйқый “инфлюэнцер”лерге айланған. Бул жағдай социаллық тармақлардың тәсири, санлы технологиялардың раўажланыўы ҳәм маркетинг стратегияларының өзгерип атырғанынан дәрек береди.

Киши жастағы блогерлердиң жумысына нәзер таслайтуғын болсақ, блоглар тийкарынан ата-аналар тәрепинен жедел түрде жүргизиледи. Бул балалар социаллық тармақларда өз бағдарларын қәлиплестиреди. Олардың бетлери арқалы реклама берген брендлер – балалар кийимлери, ойыншықлары, оқыў орайлары ҳәм ҳәттеки азық-аўқат өнимлерине шекемги ҳәр қыйлы фирмалар болып есапланады.
Дүнья көлеминде блогерлик тараўында балалар үлкен-үлкен қәдемлер тасламақта. Мысал ушын, Ҳалстон Блек Фишер, Беби Чанко сыяқлы кишкене блогерлердиң фото ҳәм видеолары миллионлаған адамлардың итибарын тартпақта. Бул блоглар тек ғана перзентлердиң сулыўлығы ҳәм сүйкимлилигине тийкарланып емес, ал ата-ананың социаллық медиа стратегиясы, фотосүўрет усылы ҳәм турақлы контент жаңаланыўы арқалы қәлиплеседи.
Өзбекстанда да күннен-күнге балалардың блогерлик жумысы раўажланбақта. Мысал ушын, Ясмин Зоитова ҳәзирги ўақытта инстаграмда 1,6 миллионнан аслам жазылыўшыға ийе. Блог бағдары тийкарынан турмыс тәризи ҳәм рекламалар ушын алынған контентлерден ибарат. Ясмин Зоитованың блогы ата-анасы тәрепинен жүргизиледи. Ясминниң табысыныӊ себеби ата-анасының белгили қосықшы екенлигинде, деп ойлайды. Бирақ баланың дыққатқа ылайық көриниси ҳәм шаққанлығы арқалы оның блогын бақлаў қызықлы.
Жасмин Зоитова жаңа ғана 4 жасқа толған болса да 10 нан аслам ири шөлкемлер менен реклама бойынша бирге ислесиў жумысларын әмелге асырмақта ҳәм оның рекламалары ушын баҳа ата-анасы тәрепинен белгиленеди.
Балалардың социаллық тармақларда белсенди болыўы олардың ой-пикирин кеңейтеди, өзине исенимин арттырады, дөретиўшилигин раўажландырады. Бирақ бул процессте әҳмийетли мәселе – балалық өмирине зыян жеткермеў. Балалықтан блог жүргизиў арқалы сөйлеў, билдириў қәбилетлери раўажланады. Заманагөй медиа қуралларынан пайдалана алыў көнликпеси қәлиплеседи. Балаларда сахна мәденияты, камера алдында жүриў, саўатлы сөйлеў пайда болады.
Бирақ теӊгениӊ екинши тәрепи де бар. Камера алдында үлкен адам сыяқлы ҳәрекет етиў, контент ислеп шығарыў миннетлемеси – баланы тәбийғый балалығынан шетлетеди. Ойын, ўақыя, еркинлик жоғалыўы мүмкин. Лайклар, көриўлер саны, пикирлер, бәсеки, балаларда стресс ҳәм өзин төмен баҳалаўға алып келиўи мүмкин.
Балалардың блог жүргизиўи – бул тек ғана заманагөй жәмийеттеги жаңалық емес, ал додалаў ҳәм итибарлылықты талап ететуғын социаллық-әдеп-икрамлылық мәселе. Ата-аналар, педагоглар ҳәм жуўапкер шөлкемлер бул процесске бийпәрўа болмаўы, баланың шахс сыпатында қәлиплесиўин биринши орынға қойыўы зәрүр. Бул процессте бала экспонатқа емес, шахсқа айланыўы, балалығын, қуўанышын, ойынға толы өмирин жоғалтпаўы зәрүр.
Блоггинг баланың имканияты болыўы мүмкин, бирақ бул имканият оған зыян келтирмеген ҳалда, раўажланыў менен сәйкес келгенде ғана ҳақыйқый пайдалы болады.
Дилдора ДЎСМАТОВА,
ӨзА