Баслы мақсетимиз жәмийетте әдилликти тәмийинлеў

153

Соңғы жыллары елимизде суд-ҳуқық системасын түп-тийкарынан реформалаў бағдарында избе-из илажлар әмелге асырылмақта. Бул реформалар тек ғана судьялардың жумысларында ғана емес, ал пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, әдил судлаўдың ашық-айдынлығын арттырыў, жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў сыяқлы тараўларда да өз нәтийжесин көрсетпекте.

Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен 2025-жылдыӊ биринши ярым жыллығы даўамында 1.518  шахстың қарсысына 1.200 жынаят ислери көрилип, өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда шахслар саны 9 ға азайды, ислер саны 71ге көбейди. Судланған шахслар саны 1.051 қурап, бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 77 ге азайған.

Көрсеткишлери артқан жынаят түрлери талланғанда, транспорт қураллары ҳәрекети ҳәм олардан пайдаланыў қағыйдасын бузыў жынаяты 17,1, алдаўшылық жынаяты 12,3, урлық жынаяты 11,6 процентке көбейген.

Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен 2025-жылдың биринши ярым жыллығы даўамында 16.565  шахстың қарсысындағы 15.308 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер көрилип, өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда шахслар саны 266 яки 1,6 процентке, ислер саны 275 ямаса 1,8 процентке азайған. Көрип тамамланған 10.409 шахстың қарсысындағы 9.545 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер бойынша ҳәкимшилик жаза қолланыў ҳаққында қарар шығарылған. Соннан ҳәкимшилик жаза қолланыў менен көрип тамамланған ислерден 7.750 шахсқа жәрийма, 8 шахсқа мүлкти мәмлекет пайдасына өткериў, 11 шахсқа арнаўлы ҳуқықтан айырыў, 2.620 шахсқа ҳәкимшилик қамақ жазалары қолланылған.

Усы көрип тамамланған ҳәкимшилик ислердиң 5.255 ямаса 34,3 проценти көшпели суд мәжилислеринде көрилген.

Өсиў көрсеткишлери көбейген ҳуқықбузарлық түрлери талланғанда майда бийзарылық 25,7, автомобиль транспортында жолаўшыларды тасыў искерлиги менен лицензиясиз шуғылланыў 22,9, ишки ислер уйымлары хызметкериниң нызамлы талапларын орынламаў 15,7, саўда яки хызмет көрсетиў қағыйдаларын бузыў  7,2 процентке көбейген.

2025-жылдың биринши ярым жыллығы даўамында Қарақалпақстан Республикасы суды жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы апелляция инстанциясында жәми 242 шахстың қарсысындағы 181, кассация инстанциясында жәми 101 шахстың қарсысындағы 88,, ревизия инстанциясында 165 шахстың қарсысындағы 117 жынаят иси көрилди. Соннан Қарақалпақстан Республикасы суды жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы ревизия инстанциясында көрилген 117 жынаят исинде 1 шахстың қарсысындағы суд қарарлары бийкар етилип, 29 шахстың қарсысындағы суд қарарлары бойынша апелляция ҳәм кассация инстанциясының уйғарыўлары өзгертилди.

Жынаятшылықтың алдын алыў, көбейип атырған жынаятшылыққа қарсы гүресиў искерлигин еле де жеделлестириў, ислерди дәслепки тергеў дәўиринде ҳәм судта көриўде жиберилип атырған кемшиликлерди анықлаў, оларды сапластырыў ҳәм келешекте болдырмаў мақсетинде, суд әмелиятын үйрениў ҳәм таллаў бойынша 118 мәрте улыўмаластырыўлар өткерилип,  анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли мәмлекетлик мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерге 130  усыныс киргизилди.

Судлар тәрепинен 366 жынаят ислери көшпели суд мәжилисинде көрилди.

Судлар тәрепинен кәрхана, мәкеме, шөлкемлер, оқыў орынлары ҳәм халық арасында жәми 411 аўызеки ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары өткерилип, ғалаба хабар қуралларында 523, соннан телевидениеде 95, радиода 87 көрсетиў ҳәм еситтириўлер шөлкемлестирилди. Республикамыздағы газета-журналларда 55 , веб-сайтларда 286  мәрте мақалалар басып шығарылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев «Судлардың тийкарғы ўазыйпасы әдилликти орнатыўдан ибарат. Буның ушын суд ҳәр бир ис бойынша нызамлы, тийкарлы ҳәм әдил қарар шығарыўы лазым”-деген еди. Бизлер де Журтбасшымыздың усы айтқан сөзлерин өзлеримизге сүрен етип, жәмийетимизде әдилликти орнатыў ушын нызам тийкарында аянбастан хызмет ете беремиз.

А.Адилов,

Қарақалпақстан Республикасы

суды баслығының орынбасары.

Қарақалпақстан хабар агентлиги