Әдиллик ҳәм нызамлылықты тәмийинлеў баслы ўазыйпамыз

Елимиздеги судлардың жумысы, бәринен бурын инсан тәғдирине, барлық тараўлар тәртиби ҳәм раўажланыўына байланыслы. Соның ушын да мәмлекетимизде судлардың еркинлигин беккемлеў, ислерди көриўде қалыслық, әдиллик ҳәм нызамлылықты тәмийинлеў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылып, соңғы жыллары бул системаға байланыслы көплеген нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёев жынаят ислеген адамды жазалаў емес, ал, жынаятлардың келип шығыў себеби, оларға шараят жаратып берген дереклерди үйрениў, ҳәр бир жынаят жағдайларын профилактика инспекторлары, мәҳәлле ҳәм жәмийетшиликтиң қатнасында терең таллаў зәрүрлиги, ислерди көшпели суд мәжилислеринде, халық арасында көриў кереклиги ҳаққында усыныс билдирген еди.
Журтбасшымыздың айтқан бул пикири елимиздеги судлар тәрепинен қоллап-қуўатланып, аймақларда кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында көшпели суд мәжилислери өткерилмекте.
Республикамызда да соңғы жыллары ислерди көшпели суд мәжилислеринде көриўге айрықша итибар қаратылып,
2025-жылдың биринши ярымында ҳәкимшилик судлары тәрепинен 115 ис ямаса 32,5 процент ислер көшпели суд мәжилисинде көрип шығылды.
Бул дәўирде Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судында биринши инстанция тәртибинде ислер көрилмеген. Апелляция инстанциясында 74 ис, кассация инстанциясында 48 ис ҳәм ревизия инстанциясында
13 ис көрилип тамамланған.
2025-жылдың өткен алты айын 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда көрилген ислер саны 96 ға яки 21,3 процентке азайған болса, материаллар саны 11 ге яки 183,3 процентке көбейген.
Атап айтатуғын болсақ, усы дәўир ишинде жәми 354 ис көрилген болып, соннан 95 арза қанаатландырылған, 205 арза қанаатландырылмастан қалдырылған. 7 арза көрилместен қалдырылған ҳәм 47 арза
ис жүргизиўден тамамланған.
2025-жылдың биринши ярымында ҳәкимшилик судларға шағым арза бериўде мәмлекет пайдасына 170.499.000 сум бажы төленген болса, суд қарарлары тийкарында мәмлекет пайдасына 290.136.404 сум бажы өндириў белгиленген. Сондай-ақ, 2025-жылдың 1-шерегинде суд қарарлары бойынша мәмлекетлик бажы ҳәм басқа түрдеги орынлаў хатларына тийкар 354.800.154 сумлық жәми 403 дана орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў бюроларына жиберилди. Соннан, 156.921.654 сумлық 268 орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўы тәмийинленген ҳәм жуўмақланған 188.878.500 сумлық 135 орынлаў ҳужжети кейинги есабат дәўирине қалдық болып өткен.
Ислерди көрип шығыў нәтийжелери бойынша мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери ҳәм лаўазымлы шахслардың ҳәрекетлеринде нызамбузыўшылық жағдайлары барлығы ҳәм оларды келешекте болдырмаўдың алдын алыў мақсетинде көрилген ислердиң 100и бойынша айрықша уйғарыўлар шығарылып, зәрүрли илажларды белгилеў ушын тийисли орынларға жиберилди.
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды тәрепинен бирден-бир суд әмелиятын қәлиплестириў, әдил судлаўды әмелге асырыўдағы қәте-кемшиликлерди сапластырыў, сондай-ақ, пуқаралардың мүрәжатларын ҳәр тәреплеме толық үйрениў ҳәм дурыс жолға қойыў бойынша жәми 19 мәрте улыўмаластырыўлар өткерилди.
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судына 2025-жылдың биринши ярымында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал ҳәм Халық қабыллаўханалары арқалы физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден жәми 35 мүрәжат келип түсип, соннан барлық мүрәжатлар үйренилип, ийелерине жуўаплар берилди. Сондай-ақ, усы дәўирде физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден 34 мүрәжат келип түсип, соннан, 24и үйренилип, мүрәжат ийелерине тийкарлы жуўаплар берилген болса, 6 мүрәжат тийислилиги бойынша шешиў ушын басқа уйымларға жиберилген. 4 мүрәжат кейинги есабат дәўирине қалдық болып өткен.
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў мақсетинде, кәрхана, мәкеме, шөлкемлерде, оқыў орынлары ҳәм халық арасында улыўма 261 мәрте ушырасыўлар ҳәм дөгерек сәўбетлери өткерилди. Онда ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақлар менен тығыз бирге ислесиў жолға қойылып, 176 мәрте мақалалар жәрияланды ҳәм телевидение менен радиоларда шығып сөйлеўлер шөлкемлестирилди.
Деген менен, бул жумыслар бүгинги күни алдымызға қойылып атырған талапларға жуўап береди, деп болмайды.
Сонлықтан ҳүрметли Президентимиз тәрепинен берилген көрсетпелерге әмел етип, өз ўазыйпамызға жуўапкершиликти тереңнен сезип, халықтың ишине кирип олардың машқалаларын тыңлаў, пуқаралар менен көбирек ушырасыў судьялар ушын баслы ўазыйпа болып қалыўы тийис.
Усы мәселеде көшпели суд мәжилислериниң тәрбиялық әҳмийетин айрықша айтып өтиў зәрүр. Себеби, бир тәрептен судлар жәмийетшиликтиң арасында болса, екинши тәрептен пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын арттырыўға кеңнен жәрдем береди.
Жуўмақлап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары судьялары өзлерине жүкленген жуўапкершиликли ўазыйпаларды шын кеўилден, ҳадал ҳәм ҳүждан менен орынлап, ҳәр қандай жағдайда да қалыс ҳәм әдил болыўға, әдил судлаўды тек ғана нызамға бойсынған ҳалда әмелге асырыўға барлық күш-жигерин жумсайды.
А. Нурлипесов,
Қарақалпақстан Республикасы
ҳәкимшилик судының баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги