Социаллық-руўхый мәселелер көрип шығылды

144

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Комитет баслығы Ш.Өтемисовтың басшылығында Тахтакөпир районының социаллық-руўхый орталық турақлылығын тәмийинлеў мәселелерине арналған мәжилис болып өтти.

Онда дәслеп усы жылдың 21-23-май күнлери Республика жумысшы топары тәрепинен алып барылған үйрениўлердиң нәтийжелери, райондағы әмелге асырылған унамлы жумыслар менен бирге, аймақларда руўхый-ағартыўшылық жумысларды системалы шөлкемлестириў ҳәм нәтийжелигин арттырыўға тосқынлық етип киятырған бир қатар машқала ҳәм кемшиликлер талқыланды.

Атап айтқанда, район аймағындағы мәкеме-шөлкемлердеги руўхый-ағартыўшылық жумыслардың жағдайы, социаллық руўхый орталық, аймақларда сыртқы ҳәм ишки көргизбели үгит-нәсият материаллары, мәлимлеме-китапхана орайларының жумысы ҳәм жағдайы, социаллық тармақлардағы бетлерди таллаў,  газета ҳәм журналларға жазылыў жағдайы сыяқлы әҳмийетли жумыслар сын көзқарастан көрип шығылды.

Мәжилис соңында усы атап ɵтилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли шөлкем ҳәм жуўапкерлерге анық ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги