Абаданластырыў жумыслары жедел пәтте даўам етпекте

Әмиўдәрья районындағы Боз Салма, Чайкөл ҳәм Қараман аўылы ҳәм мәҳәллелеринде халықтың турмысын және де жақсылаў, күнделикли турмыста қолайлық жаратыў мақсетинде кең көлемли абаданластырыў жумыслары баслап жиберилди, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.
Ҳәзирги ўақытта ишки көшелер тәртипке келтирилмекте. Топырақ жолларға қум-шағыл тас араласпасы төселиўи себепли тек ғана автотранспорт ҳәрекети аңсатласып қоймастан, ал пиядалар ушын да қолайлы шараятлар жаратылмақта.

Алып барылып атырған жумыслар мәҳәлле халқының турмысына унамлы тәсир көрсетпекте. Турмыс сапасы, күннен-күнге жақсыланып атырғаны адамлардың кейпиятына да сезилерли унамлы тәсир етпекте.
Жасап атырған жериниң абат ҳәм раўажланып атырғанын көрип, пуқаралар әмелге асырылып атырған реформалардан қуўанышлы. Олар бул жумысларды ел мәпи ушын хызмет етип атырған әҳмийетли баслама сыпатында баҳалап, миннетдаршылық билдирмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги