Таңлаў жеңимпазларына Сертификатлар тапсырылды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 26-августтағы «Пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын буннан былайда раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында, усы жылдан баслап мәмлекетлик грант бағдарлары мәнзилли ҳәм анық машқалаларды шешиўге қаратылған бағдарлар бойынша грант таңлаўлары ngo.gov.uz электрон платформасы арқалы жәрияланыўы белгиленген еди.


Усы жылдың март-апрель айларында аймақлардағы машқалаларды шешиў ҳәм социаллық әҳмийетке ийе басламаларды әмелге асырыў бойынша Олий Мажлис жанындағы Жәмийетлик фонд қаржыларын басқарыў бойынша Парламент комиссиясының баслығы, Жәмийетлик фонд директоры, Парламент комиссиясы ағзалары ҳәм жергиликли Кеңес депутатларынан ибарат жумысшы топар менен биргеликте Нөкис қаласында, Тахтакөпир, Қараөзек, Шоманай, Тақыятас, Беруний, Елликқала, Шымбай, Мойнақ ҳәм Қоңырат районларында социаллық әҳмийетке ийе машқалалар үйренилип, 1-30-май күнлери аралығында Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фонд тәрепинен 7 бағдарда ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен 6 бағдарда биринши таңлаў жәрияланған еди. Мине, усы жәрияланған таңлаўларға Қарақалпақстан Республикасынан жәми 104 пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм ғалаба хабар қураллары өзлериниң жойбарлары менен қатнасып, солардың ишинен ең жоқары балл топлаған 14 жойбар жеңимпаз деп табылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде усы таңлаў жеңимпазларына арнаўлы Сертификатларды тапсырыў мәресими болып өтти.



Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш. Өтемисов шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бойынша көплеген унамлы ислер әмелге асырылып атырғанын айтып өтип, бул тийкарда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен аймақлардағы халықтың машқалалары унамлы шешилип атырғанын айрықша атап өтти.
Буннан соң таңлаў жеңимпазларына арнаўлы Сертификатлар тапсырылды.

Салтанатлы мәресимге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги