Тереклерди зыянкеслерден қорғаў жумыслары алып барылмақта

116

Саламат ҳәм абат орталық тек ғана қолайлы турмыс шараяты емес, ал ҳәр бир инсанның руўхый ҳәм физикалық турақлылығы ушын да әҳмийетли болып есапланады. Соның ушын соңғы жыллары мәмлекетимиздиң барлық аймақларында жасыл аймақларды көбейтиў, бар тереклер ҳәм өсимликлерди сақлаўға қаратылған жумыслар избе-из даўам еттирилмекте.

Төрткүл районында саяманлы тереклерди сақлаў, олардың саламат өсиўин тәмийинлеў ҳәм тәбийғый көринисин сақлаў мақсетинде зәрүр илажлар көрилмекте. Ҳәзирги ўақытта аймақта фумигация жумыслары жедел түрде әмелге асырылмақта.

Жуўапкерлер тәрепинен өткерилип атырған бул илаж шеңберинде арнаўлы химиялық қураллар жәрдеминде тереклерге зыян келтиретуғын жәнликлер ҳәм түрли кеселликлердиң алды алынбақта. Ең әҳмийетлиси, бул процесс қоршаған орталық ушын қәўипсиз есапланады ҳәм әмелдеги экологиялық талапларға толық сәйкес ҳалда шөлкемлестирилмекте.

Район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлиминиң мағлыўматына бола, профилактикалық мақсетлерде өткерилип атырған фумигация жумыслары тек ғана тереклердиң өмирин узайтыўға емес, ал район аймағындағы экологиялық турақлылықты тәмийинлеўге хызмет етпекте. Соның менен бирге, абаданластырыў жумысларына да унамлы тәсир ететуғыны сөзсиз.

Бул жумыслар себепли тек ғана ҳәзирги емес, ал келешек әўлад ушын да қолайлы ҳәм саламат орталық жаратылып атырғаны үлкен әҳмийетке ийе.

Қарақалпақстан хабар агентлиги