Исбилерменди тыңлаў – мәмлекет экономикасының өсиўине тәсир етиўши фактор

Президент басламалары – әмелде
Мәмлекетимиз исбилерменлери Президент бенен буннан төрт жыл алдынғы ушырасыўды көп еслейди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң сол ўақыттағы – 20-август күни шөлкемлестирилген ашықтан-ашық сөйлесиўинде он мыңға шамалас исбилермен қатнасқан еди.
Бундай ушырасыўларды өткериў кейинги жылларда жақсы дәстүрге айланды. Сол илаж болса оғада үлкен форматта шөлкемлестирилген исбилерменлер менен пикир алысыўдың дәслепкиси болғаны менен тарийхта қалды, десек асыра айтқан болмаймыз.
Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик елимиз экономикасының тийкарғы бағдары етип белгиленген. Кейинги жыллары бул тараўды раўажландырыўға қаратылған көплеген нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.
Бундай сөйлесиўлерде мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир бағдар бойынша әҳмийетли ўазыйпаларды көрсетип, жаңа басламаларды алға қояды. Бул басламалар болса мәмлекетимизде исбилерменлик орталығын және де жақсылаўға, елимиздиң экономикасы өсип, халықтың турмыс дәрежесиниң жоқарылаўына хызмет етпекте.
Дәстүрге бола, быйыл да усы форматтағы үлкен ушырасыў болып өтеди. Оған таярлық жумыслары қызғын даўам етпекте.
Таярлық дегенде нени нәзерде тутып атырмыз? Бүгин орынларда сөйлесиў алдынан түрли форматтағы ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте. Оларда министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкерлери, тармақ жуўапкерлери ҳәм исбилерменлер ушыраспақта. Бул ушырасыўларда болса исбилерменлер шығып сөйлеп, жумысында ушырасып атырған машқалаларды, пикир-усынысларын билдирмекте.
Президенттиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўине таярлық шеңберинде бүгин пайтахтымыздағы “Өзбекстан” мийманханасында Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети тәрепинен үлкен илаж шөлкемлестириледи.
“Шарўашылық ҳәм оның тармақларын және де раўажландырыў, тараўдағы бар машқалалар ҳәм олардың шешими” атамасында илимий-әмелий конференция болып өтеди.
Ушырасыўда тараўдағы бар машқалалар ашық додаланады. Олардың әмелий шешимлери бойынша усыныслар ислеп шығыў нәзерде тутылған.
Орынларда басқа да министрликлер ҳәм уйымлардың да усындай илажлары даўам етпекте.
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзАныӊ хабаршысы