Таў-кән тараўындағы 367 географиялық объекттиң атлары мәмлекетлик тилге муўапықластырылды

119

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 18-июньдағы 379-санлы қарарына тийкарланып усы географиялық объектлердиң атамалары мәмлекетлик тил қағыйда ҳәм нормаларына муўапықластырылды.

Бул жаңалық бойынша таў-кән санааты ҳәм геология министриниң кеңесгөйи Зиёда Аҳмедова төмендегилерди атап өтти:

– Министрлигимиз тәрепинен өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы статусын беккемлеў, географиялық объектлердиң атамаларын әмелдеги нызамшылық талапларына муўапықластырыў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылды. Бул процессте тараў илимпазлары, географлар, тарийхшылар, үлкетаныўшылар ҳәм лингвистлердиң қатнасыўында арнаўлы жумысшы топар жумыс алып барды. Кәнлердиң атамалары, жайласыў аймағы, тарийхый көринислер ҳәм шийки заттың өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда қайта көрип шығылды.

Белгиленген тәртипте кән атамалары мәмлекетлик экспертизадан өткерилип, Республикалық комиссияның жуўмағына тийкарланып қарар қабыл етилди. Оған бола, 367 географиялық объекттиң атамалары мәмлекетлик тилдеги қағыйда ҳәм нормаларға бейимлестирилди. Соның ишинде, 39 рудалы, 105 руда емес  ҳәм 126 углеводород кәнлериниң атамалары қайта исленди. Сондай-ақ, 97 объектке, атап айтқанда, 4 рудалы, 63 руда емес ҳәм 30 углеводород кәнине жаңа атамалар берилди.

Пайдалы қазылма кәнлерине атама бериўде жергиликли халықтың турмыс тәризи, тарийхый мийрас, миллий ҳәм тилге байланыслы өзгешеликлер терең талланды. Бул тек ғана геология тараўында емес, ал улыўма тил мәдениятында да әҳмийетли қәдем болды.

Ҳәзирги ўақытта министрлик тастыйықлаған атамалар тийкарында жумыс ҳүжжетлери ҳәм мәлимлеме базаларына тийисли өзгерислер киргизилмекте. Жер асты мәмлекетлик қоры кадастрындағы пайдалы қазылма кәнлериниң атамалары хатлаўдан өткерилип, Министрлер Кабинети қарарларында белгиленген атамалар менен салыстырылмақта ҳәм зәрүрликке бола жаңа атамалар бериў бойынша усыныслар таярланбақта.

Соның менен бирге, тараў қәнигелери ҳәм кең жәмийетшиликке қолайлық жаратыў мақсетинде географиялық объектлердиң ески ҳәм жаңа атамалары сәўлеленген Андроид мобиль қосымшасы ислеп шығылған. Бул қосымшаны министрликтиң рәсмий веб-сайтынан жүклеп алыў мүмкин.

Бул баслама тек ғана өзбек тилин тараўлық бағдарда беккемлеў емес, ал жас әўладты геология тараўына қызықтырыў, миллий тилди жәмийетлик турмыста кеңнен қолланыў имканиятын және де кеңейтиўге хызмет етеди.

ӨзА