YouTube балалықты қалай қәлиплестирмекте?

131

Соңғы жылларда санлы платформалар, атап айтқанда, YouTubeтиң балалар турмысындағы орны кескин артып бармақта. Дәстүрий мультфилмлер ямаса китаплардың орнын санлы контент ийелеп атырғандай. Ҳәзирги күнде ҳәр бир шаңарақта YouTube арқалы балаларды алжастырыў әдеттеги жағдайға айланған. Бирақ бул платформада балаларға мөлшерленген контентлердиң көплиги, сапасы ҳәм психологиялық тәсири бойынша айрықша сораўлар пайда болыўы тәбийғый.

Төмендеги каналлар халықаралық ҳәм регионаллық көлемде ең көп көрилетуғын YouTube каналлары болып табылады:

  1. Cоcоmelon – дүньядағы ең белгили балалар каналы. Мультфильмлер ҳәм қосықлар арқалы билим бериўши кеўил ашар контентлер усынады. Оқыўшылар саны 195 миллион ҳәм улыўма көриўлер 206 миллиардтан аслам.

Бул канал тийкарынан 0-6 жас аралығындағы балалар ушын арналған. Каналдағы контентлердиң тийкарғы мақсети тәкирарланатуғын музыка ҳәм қосықлар арқалы балалар тилин раўажландырыў болып табылады. Қалаберди, интерактив дүнья менен танысыў имканиятын жаратады.

  1. LооLоо Kids – YouTube’да балалар ушын мөлшерленген ең белгили ҳәм табыслы билимлендириў-каналларынан бири болып есапланады. 60 миллионнан аслам жазылыўшылар ҳәм 38 миллиардтан аслам көриўлер санына ийе.

Канал балалардың еситиў, тил үйрениў, қабыллаў қәбилетлерин раўажландырыўды мақсет еткен. Ҳәр бир қосықта өз алдына тема сәўлелендириледи: гигиена, социаллық минез-қулқ, сан ҳәм ҳәриплер, ҳайўанлар ямаса тәбият. Контент турақлы тәкирарланыў арқалы балаға түсиникли ҳәм есте қалатуғын етип исленген.

  1. Little Baby Bum – балалар ушын билимлендириў каналы болып есапланып, онда инглис тилиндеги ойын қосықлар, қосықлар ҳәм мультфильмлер арқалы балаларға реңлер, формалар, санлар, ҳайўанат дүньясы сыяқлы тийкарғы түсиниклер үйретиледи. Оқыўшылар саны – 41,6 миллион. Каналдағы улыўма көриўлер саны болса 42,3 миллиардтан аслам.

Little Baby Bum каналындағы видеоларда рең, сүўрет, анимация ҳәм даўыс үйлесип баланың еситиў ҳәм көриў қәбилетин раўажландырады. Видеолардағы қосықлар, музыкалар ҳәм тәкирарлаўшы сөзлер балалардың сөз байлығын арттырыўға жәрдем береди. Киши жастағы балалар ушын тәкирарлап үйрениў ең нәтийжели усыллардан бири болып есапланады.

Жоқарыда санап өтилген YouTube каналлары балалар ушын белгили дәрежеде кеўил ашар ҳәм пайдалы. Бирақ, илимий изертлеўлерде атап өтилиўинше, 3-6 жастағы балалар ушын минутына 3-4 кадр жетерли болса, бул каналларда кадрлар саны 10-15 тен артады. Бул дыққаттың бузылыўына алып келиўи мүмкин. Каналлар әдетте жарқын, музыкалы ҳәм кеўилли контент усынғаны ушын бала олардан аңсатлық пенен шығып кете алмайды. Бул психологиялық ғәрезлилик жағдайларын келтирип шығарады. Балалар тынымсыз усы контентти көриўге умтылады ҳәм реал дүнья менен байланысы әсте-ақырын үзиле баслайды.

Cоcоmelon, Little Baby Bum ҳәм LооLоо Kids сыяқлы YouTube каналлары визуал сапа, дидактикалық қатнас ҳәм маркетинг көзқарасынан жүдә табыслы жойбарлар. Бирақ оларда психологиялық раўажланыўға унамсыз тәсир көрсетиў, экранға бойсыныўшылыққа алып келиў, жәмийетлик тил көнликпелерин шеклеў сыяқлы қәўипли тәреплери де теӊ жүреди.

Усы каналлардың контентлериниӊ мәнисине айрықша тоқтап өтетуғын болсақ, көпшилик контентлерде реал турмыстағы машқалалар, қарама-қарсылықлар, таңлаўлар ҳәм ақыбетлер жоқ. Нәтийжеде бала бундай контент арқалы реал турмысты емес, ал “идеал мультфильм дүнья”сын қабыл етеди. Бул болса оны турмыслық стресске таярлай алмайды. Мәселен, “Be polite”, “Be clean”, “Brush your teeth”, “Say thank you” – бул қосықлар арқалы балаға тәртипти еслеп қалыў үйретиледи, бирақ ол не ушын бундай ислеў керек екенлиги, сезиў, аңлаў, жеке таңлаў етиў түсиндирилмейди. Бул болса баланың әдеп-икрамлылық раўажланыўында көрсетпе тийкарында бойсыныўшы, бирақ таңлай алмайтуғын шахсқа айланыўына себеп болыўы мүмкин.

Психологлардың пикиринше, балалар ушын тек ғана “YouTube Kids” платформасынан пайдаланыў керек. Ата-аналар контентти алдын көрип, сәйкеслигин тексериўи керек.

Қалаберди, жергиликли контентлерди раўажландырыў да мақсетке муўапық. Өзбек тилиндеги билимлендириў ҳәм тәрбиялық контентлер санын арттырыў, жадидлер мийрасы, қәдириятлар, мәденият ҳәм әдеп-икрамлылық темаларын қамтып алған жойбарлар жаратылыўы зәрүр. Интерактив ҳәм ҳәрекетли ойынларға бай жедел контентлер де баланы белсендиликке шақырады ҳәм физикалық ҳәрекетине пайда келтиреди.

“YouTube Kids” ҳәзирги күнде балалар ушын тек ғана кеўил ашар емес, ал билимлендириў платформасына айланған. Бирақ, бул имканияттан абайлап пайдаланылмаса, баланың руўхый ҳәм физикалық раўажланыўына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. Сонлықтан, санлы мәденият ҳәм саналы таңлаў принциплери тийкарында контентлерди қадағалаў, балалар психологиясына сәйкес түрде қәлиплестириў зәрүр.

Дилдора Дўсматова,

ӨзА