Жигерли спортшыларды таярлаўда бирге ислесиў орнатылды

154

Өзбекстан Миллий Паралимпиада комитетинде Қытай Халық Республикасы майыплар федерациясы басшылығының ағзалары менен ушырасыў болып өтти.

Адаптив спорт түрлери ассоциациясы, Гереңлер ҳәм көзи әззилер спорт федерациялары, сондай-ақ, “Өзбекстан арнаўлы олимпиадасы” республикалық спорт жәмийетлик бирлеспесиниң жуўапкерлери қатнасыўында өткен сөйлесиў даўамында еки тәреплеме бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Илажда Қытай Халық Республикасы майыплар федерациясы делегациясының басшысы мырза Чен Кай, Өзбекстан Миллий Паралимпиада комитетиниң баслығы Мухтархан Тошхўжаев ҳәр еки мәмлекетте паралимпиада ҳәм майыплар спортын буннан былай да раўажландырыў, шөлкемлер арасындағы бирге ислесиўди жаңа дәрежеге көтериўдиң әҳмийетли тәреплери, атап айтқанда, биргеликтеги оқыў-жыйын шынығыўларын шөлкемлестириў, тренерлердиң маманлығын арттырыў бойынша бағдарламаларды жолға қойыў бағдарындағы басламаларды алға қойды.

Тўлқин Рўзиев,

ӨзАныӊ хабаршысы