Транспорт министрлигиниң мәлимлемеси тыңланды

141

 Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Исбилерменлик, бәсекини раўажландырыў ҳәм санаат мәселелери комитетиниң мәжилисинде Транспорт министрлигиниң “Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономика” жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында”ғы пәрманында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳаққында”ғы мәлимлемеси тыңланды.

Мәлимлемеде атап өтилгениндей, жол хожалығы реформаланып, автомобиль жолларының техникалық жағдайы санластырылған түрде қадағаланбақта. Ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм жумыс сапасын арттырыў мақсетинде “Жол оңлаў пункти” мәлимлеме системасы иске қосылған.

2024-жылдың өзинде 53 мың 761 жаңа жол белгилери орнатылған. Соның менен бирге, жол ҳәрекетин тәртипке салыў мақсетинде 136 жаңа светофор объекти қурылған ҳәм әмелдегилери реконструкцияланған, 31 электрон таблолар орнатылған.

Илаж даўамында авиакомпанияларға жергиликли жөнелислердеги авиақатнаўлар билет баҳасының бир бөлегин қаплаў ушын мәмлекетлик бюджеттен ажыратылып атырған субсидиялар мәселеси де додаланды.

Сондай-ақ, автомобиль жолларында транспорт қураллары ҳәм пиядалардың қәўипсиз ҳәрекетин тәмийинлеў бойынша ўазыйпалардың орынлардағы орынланыўы бойынша жәмийетлик қадағалаў нәтийжелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы