Алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлықларынан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды

116

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлықларынан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған муўапық, Алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлықларынан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеде:

арақ ҳәм ликёр-арақ өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалар тәрепинен жыллық өндиристи режелестириў ҳәм есаплаў;

жыллық өндирис қуўатлықларынан пайдаланыўды мониторинг етиў ҳәм белгиленген қуўатлықлардан пайдаланбағаны ушын ислеп шығарыўшыға тәсиршең илажлар қолланыў жол-жобалары көрсетип берилген.

Усы Реже алкоголь өнимлерин ислеп шығарыўды режелестириў, жыллық өндирис қуўатлықларын есаплаў ҳәм өндирис қуўатлықларынан пайдаланыў көрсеткишлерин орынламағаны ушын ҳуқықый тәсир илажларын қолланыў тәртибин белгилейди.

Бул Реже қағыйдалары арақ ҳәм ликёр-арақ өнимлерин ислеп шығарыў ҳуқықын бериўши лицензияға ийе болған юридикалық тәреплерге қолланылады.

Қарар рәсмий жәрияланған күннен баслап үш ай өткеннен соң күшке киреди.

ӨзА