Еки тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы додаланды

Өзбекстан Президентиниң арнаўлы ўәкили ҳәм Германия СИМ ўәкили Аўғанстан бойынша еки тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы бойынша пикир алысты
Өзбекстан Президентиниң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкили Исматулла Иргашев Германия Сыртқы ислер федерал министрлигиниң Ҳинд-Тыныш океаны сиясаты, Қубла Азия ҳәм Аўғанстан бойынша ўәкили Эрик Курцвайл менен сөйлесиўлер өткерди, деп хабар береди “Дунё” МА хабаршысы.
«Сыртқы ислер министрлигиниң мағлыўматына бола, ушырасыў даўамында тәреплер Аўғанстан бойынша еки тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы бойынша пикир алысты. Аўғанстандағы жағдайды тәртипке салыў мәселесинде турақлы сөйлесиўди даўам еттириў еки тәреп ушын да әҳмийетли екени айрықша атап өтилди.
Ушырасыў конструктивлик руўхта өтти ҳәм Ташкент пенен Берлин арасындағы әмелий сөйлесиўди және де раўажландырыўға келисип алынды», делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги