Исбилерменлер менен ашық пикирлесиў өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасы тәрепинен аймақларда киши ҳәм орта бизнести буннан былай да раўажландырыў, олардың жумысына тосқынлық етип атырған машқалаларды сапластырыў мақсетинде исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўлер өткерилмекте. Гезектеги ушырасыў Мойнақ районында өткерилди.
Жүзбе-жүз сөйлесиўде салық басқармасы басшылары, район ҳәкими қатнасып, киши ҳәм орта бизнести буннан былай да раўажландырыў, бул бағдарда усы тармақ ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде берилген жеңилликлер ҳәм салық жеңилликлери, исбилерменлердың турақлылық рейтинги ҳәм тараўға байланыслы соңғы өзгерислер ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Онда исбилерменлердиң жумысына тосқынлық етип атырған машқалаларға шешим табыў және олардың бизнесин еле де кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында усы жылдың 19‑март күни киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен тараўдың экономикадағы үлесин арттырыў ҳәм раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў мәселелерине бағышланған ушырасыў болып ѳтти.
Бүгинги ушырасыўдан мақсет – киши ҳәм орта бизнес ўәкиллериниң салық саласындағы машқала ҳәм усыныслары менен шекленип қалмастан, басқа тараўларда ушырасып атырған машқала ҳәм усынысларын үйренип, тийисли мәкемелер менен биргеликте унамлы шешимин табыўдан ибарат.

Бүгинги күнде күнде Қарақалпақстан Республикасында 2025‑жыл 1-январь сәнесине 34574 (соннан, 22143 микрофирма, 1775 киши кәрхана, 16312 жеке исбилерменлер) киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери исбилерменлик пенен шуғылланып атыр.
Соннан, Мойнақ районында 985 (соннан, 542 микрофирма, 30 киши кәрхана, 413 жеке исбилерменлер) киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери исбилерменлик пенен шуғылланбақта.
Қарақалпақстан Республикасы бюджет дәраматларына 2024‑жыл ушын белгиленген 2 трлн. 837 млрд. сум прогноз көрсеткиши жыл жуўмағы менен 3 трлн. 30 млрд. сумға (106,8%) орынланып, бюджетке қосымша 192 млрд. сум түсим қурады ямаса бюджетке түсимлер 2023‑жылға салыстырғанда 120 процентке, яғный 500 млрд. сумға өсти.
Соннан Мойнақ районында бюджет дәраматларына 2024‑жыл ушын белгиленген 4,4 млрд. сум прогноз көрсеткиши жыл жуўмағы менен 4,7 млрд. сумға (106,1%) орынланып, бюджетке қосымша 0,3 млрд. сум түсим тәмийинленди ямаса 2023‑жылға салыстырғанда 118 процентке, яғный 0,7 млрд. сумға өсти.

Мойнақ районында киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери тәрепинен 2024‑жылда 23,9 млрд. сум салықлар тѳленип, бюджетке жәми түсимдеги үлеси 14,5 процентти қурайды.
Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасының Салық кодекси, Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарар ҳәм пәрманларына тийкарланып ҳәм басқа да салық нызамшылық хүжжетлерине муўапық 2023‑жыл даўамында 13 714 киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери тәрепинен 447,8 млрд. сум салық жеңилликлери қолланылған болса, 2024‑жыл даўамында 16597 ти киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери тәрепинен 622,3 млрд. сум салық жеңилликлери қолланылып, бул көрсеткиш 39 процентке көбейди.
Соннан, Мойнақ районында 2023‑жыл даўамында 357 киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери тәрепинен 27,3 млрд. сум салық жеңилликлери қолланылған болса, 2024‑жыл даўамында 434 киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери тәрепинен 47,5 млрд. сум салық жеңилликлери қолланылып, бул көрсеткиш 74,0 процентке артты.

Бул қаржылар исбилерменлердиң өз ықтыярында қалдырылыўы нәтийжесинде кәрханалар тәрепинен исбилерменликти кеңейтиўге, жумысшылар санының артыўына ҳәм сол арқалы бәнтликке көмеклесиўге тийкар жаратпақта.
Бул өзгерислер әлбетте, елимизде исбилерменлер көбейип, жаңа жумыс орынларының жаратылыўына ҳәм экономикамыздың раўажланыўына тийкар болады. Ушырасыўда пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Илажда салық ҳәкимшилигине әмел етип алдынғы нәтийжелерге ерисип киятырған бир топар салық төлеўшилерге миннетдаршылық билдирилип, естелик саўғалары тапсырылды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.