Пляж футболы бойынша Қарақалпақстан чемпионаты жуўмақланды

119

 Мойнақ районында пляж футболы бойынша Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.

Чемпионатқа республикамыз аймақларынан 9 команда қатнасты ҳәм жарыс жеңимпазлығы ушын өз-ара беллести.

Қызғын беллесиўлерге бай болған чемпионат жуўмағында, Қоңырат районы командасы биринши орынды ийелеп, Қарақалпақстан чемпионы атағына миясар болды.

Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар болса, Кегейли ҳәм Мойнақ районлары командаларына несип етти.

Чемпионат жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, кубок ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.