Шымбайлы кекселер спортта өзлерин көрсетти

120

Шымбай районлық спорт мектебинде кексе әўлад ўәкиллери арасында саламат турмыс тәриизин кеңнен ен жайдырыў, олардың спорт ҳәм денетәрбиясы менен шуғылланыўын қоллап-қуўатлаў мақсетинде, «Ғайратлы кекселер» сүрени астында миллий гүрес ҳәм шахмат-шашка бойынша жарыс өткерилди.

Миллий гүрес бойынша 80 кг ға шекемги салмақта Темир жол мәкан пуқаралар жыйынынан Полат Данияров биринши орынды ийелеген болса, 80 кг нан жоқары салмақта Қызылөзек аўыл пуқаралар жыйынынан Меңлибай Тайпов жеңиске ерисип, жарыстың Қарақалпақстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

Ал шахмат-шашка жарысында өз-ара беллескен 60 жастан жоқары ерлер арасында Мурат Қаленов,  55 жастан жоқары ҳаял-қызлар арасында Мийўагүл Қурбанова 1-орынды ийелеп, кейинги басқышқа жоллама алды.

Жарыс соңында жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.