Тәбийғый газди үнемлеўде әҳмийетли жаңа үскене

186

Турмысымызда инновациялық технологиялардың кеңнен қолланылыўы пуқараларымыздың ой-өриси ҳәм көзқарасының өзгериўине өзиниң унамлы тәсирин тийгизбекте. Тараў қәнигелери республикамыздың қала ҳәм районларында халық арасында болып, энергияны үнемлеўши газ үскенелеринен пайдаланыўды үгит-нәсиятламақта.

«Тақыятасрайонгаз» газ тәмийнаты бөлими тәрепинен де бүгинги күнде халық арасында тәбийғый газди үнемлеў, энергия үнемлеўши газ үскенелеринен пайдаланыў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Атап өтилгениндей, бүгинги энергияға болған талаптың артыўы, оның жетиспеўшилиги жағдайында ҳәм қәрежетлеримизди үнемлеў ушын да газди үнемлеўши технологиялардан пайдаланыўға өтиўимиз керек.

Мағлыўмат орнында атап өтетуғын болсақ, энергия үнемлеўши үскенелер, яғный газ горелкалары газдиң жумсалыўын 40-45 процентке шекем үнемлейди.

Сондай-ақ, заманагөй горелка газ басымы өзгергенде, тәмийнатта өзгерислер болғанда, авария жағдайларында автомат тәризде ислейди. Ең тийкарғысы қәўипсизликти тәмийинлеўде, жүз бериўи мүмкин болған газ ийисиниң алдын алыўда, өрт қәўипи ҳәм тәбийғый газди үнемлеўде, мине, усындай горелкалардан пайдаланыў әҳмийетли саналады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.