Жаслар пал ҳәррешиликтиң сырлары менен танысты

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң “Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў” бөлими ҳәм халық депутатлары районлық Кеңесиниң депутаты Марат Аминовтың басламасы менен “Жас исбилерменлер лигасы” жойбары шеңберинде Нөкис районында жайласқан “Дийқан арна” мәкан пуқаралар жыйынында жумыс алып барып атырған тәжирийбели пал ҳәррешилик фермер хожалығына бизнес-тур шөлкемлестирилди.
Бизнес-тур даўамында қатнасыўшы жаслар пал ҳәррешилик тараўы менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болды. Фермер хожалығының басшысы Бахтиёр Джубаев бул тараўдағы имканиятлар, жумысты қоллап-қуўатлаў механизмлери ҳәм табысқа ерискен жас исбилерменлердиң тәжирийбеси ҳаққында қатнасыўшыларға мағлыўмат берди.

– Мен балалығымнан әкемниң қасында жүрип, олардың пал ҳәрре шаңарақлары менен ислесетуғынын бақлап, бул кәсипке меҳир қойғанман. Пал ҳәррешилик – тек ғана ҳадал мийнет емес, ал сабыр-тақат, меҳир ҳәм турақлы ғамхорлықты талап ететуғын кәсип. Фермер хожалығымдағы дәслепки пал ҳәрре уялары әкемниң мәсләҳәти ҳәм жәрдеминде шөлкемлестирилди. Усы жылдың апрель айында жаслар ушын ажыратылған 100 миллион сум муғдарында жеңиллетилген кредит алып, жумысымды және де кеңейтиўге жумсадым. Жақын келешекте заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм жасларды бул тараўға және де көбирек тартыў нийетим бар,-дейди Серик Джубаев.
Илаж шеңберинде қатнасыўшылар Нөкис районының және бир тәжирийбели пал ҳәррешиси – Абай Шабиев пенен де сәўбетлести. Ол өз тәжирийбесин жаслар менен бөлисер екен, төмендегилерди айтып өтти:

– Ҳәзирги күнде хожалығымызда бир неше онлаған пал ҳәрре шаңарақлары бар. Пал ислеп шығарыўдан тысқары, мум, прополис, перга ҳәм ҳәр қыйлы пал араласпаларын таярлап, жергиликли базарға шығарып атырмыз. Бул өнимлерге талап жоқары, себеби адамлар саламат ҳәм тәбийғый өнимлерге қызығыўшылық пенен қатнаспақта. Биз ушын ең әҳмийетли мәселе – өнимниң сапасы. Пал ҳәррелерди тек ғана тәбийғый орталықта, зыянлы химиялық элементлерсиз бағамыз. Бул тек ғана өнимниң сапасын емес, ал екологиялық турақлылықты да тәмийинлейди.

Бизнес-тур даўамында қатнасыўшылар пал ҳәррешилик тараўына қызығыўшылық билдирди ҳәм келешекте бул бағдарда өз исбилерменлик жумысын жолға қойыў нийетинде екенлигин билдирди. Фермерлер тәрепинен “устаз-шәкирт” дәстүри тийкарында жасларға әмелий жәрдем көрсетиўге таяр екенлиги мәлим етилди.
Клара Худайбергенова,
ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси “Жаслар
машқалаларын үйрениў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў” бөлиминиң баслығы
Қарақалпақстан хабар агентлиги