Ҳәр бир мәселеге нызамлы қатнас жасалмақта

Төрткүл районында пуқаралардың машқалаларын үйрениў ҳәм оларға нызамлы шешим табыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Бул процесс Президент тәрепинен берилген тапсырмалардың әмелий орынланыўы шеңберинде шөлкемлестирилмекте.
Усы мақсетте, Төрткүл районы Халық қабыллаўханасы имаратында гезектеги пуқараларды қабыллаў илажы болып өтти. Қабыллаў процесинде район ҳәкиминиң орынбасары А.Авезимбетов ҳәм түрли тараўлардың жуўапкер хызметкерлери қатнасты. Олар мүрәжатларды орнында үйренип, ҳәр бир мәселеге нызамлы тәртипте қатнас жасаўды мақсет еткен ҳалда жумыс алып барды, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Қабыллаў ўақтында алты пуқара ҳәр қыйлы мәселелерде мүрәжат пенен шықты. Көпшилик мүрәжатлар турақ жай ҳәм жер участкасына байланыслы ҳүжжетлестириў мәселелерине тийисли болғаны себепли, тийисли тапсырмалар Кадастр агентлиги жуўапкерлерине жүкленди.
Бул қабыллаў процесслери пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, орынлардағы машқалаларды жедел шешиўге қаратылғаны менен әҳмийетли. Бундай ушырасыўлар район халқы менен ашықтан-ашық сөйлесиўди тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги