Нәл ҳәм тереклерге турақлы тәрбия жумыслары алып барылмақта

105

Беруний районында қоршаған орталықты абаданластырыў, жасыл майданлар майданын кеңейтиў ҳәм бар тереклерге дурыс тәрбия бериў мақсетинде бир қатар әмелий жумыслар шөлкемлестирилмекте. Бул бағдарда районлық абаданластырыў бөлими хызметкерлери тәрепинен системалы жумыслар жолға қойылған.

Ҳәр күнлик реже тийкарында азанда ҳәм кеште райондағы көп жыллық тереклер ҳәм жаңадан егилген нәллер суўғарылмақта, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Буннан тысқары, “Дарақларға нәпес бериң” сүрени астындағы ғалабалық экологиялық илажлар шеңберинде де қосымша жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, тереклердиң саламат өсиўин тәмийинлеў ҳәм оларды зыянлы жәнликлерден сақлаў мақсетинде агротехникалық илажлар шөлкемлестирилмекте. Бул илажлар шеңберинде арнаўлы қураллар жәрдеминде зыянкеслерге қарсы ислеў бериў жумыслары әмелге асырылмақта.

Беруний районындағы бул ҳәрекетлер тек ғана тәбиятты сақлаў емес, ал халық ушын қолайлы, жасыл ҳәм саламат орталық жаратыўға хызмет етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги