Топырақ өнимдарлығын анықлаў әҳмийетли ўазыйпа

Аўыл хожалығы егинлеринен жоқары зүрәәт алыўда топырақ өнимдарлығы әҳмийетли рол атқарып, топырақтың өнимдарлығын анықлаўда оны агрохимиялық изертлеў, яғный, анализден өткериў талап етиледи. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 15-июльдағы “Республикада Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў системасын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы ҳәм 5185-санлы қарары тийкарында, Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги қурамында Республика агрохимиялық анализ орайы дүзилди.
Усы орайдың алып барып атырған жумыслары ҳәм жүз берип атырған жаңаланыўларды кең жәмийетшиликке жақыннан таныстырыў мақсетинде, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.

Илаж қатнасыўшылары дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Агрохимиялық анализ орайы директоры Тимур Абдиров пенен ушырасып, орайдың атқарып атырған хызмети ҳәм соңғы өзгерислер ҳаққында мағлыўматлар алды.
Буннан соң илаж қатнасыўшылары топырақ ҳәм минерал төгинлер анализи лабораториясы, агрохимиялық картограммалар ислеп бериў бөлиминде болып, орай қәнигелеринен бул жерде жаратылған шараят ҳәм қолайлылықлар туўралы кең түрде түсиниклер алды.

-Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2019-жыл 18-июндеги 510-санлы қарарына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Агрохимиялық анализ орайы республикамыз аймағында топырақтыӊ агрохимиялық анализин әмелге асырыўшы бирден-бир кәрхана болып есапланады,-дейди орай директоры Тимур Абдиров.-Орайдың тийкарғы ўазыйпасы аўыл хожалығы егислик майданлары топырақларыныӊ өнимдарлығын арттырыў мақсетинде шәртнама тийкарында агрохимиялық анализден өткериў тийкарында жерден пайдаланыўшыларға илимий тийкарланған усыныслар көрсетилген агрохимиялық картограммалар ислеп бериў, аўыл хожалығына жеткерип берилетуғын барлық түрдеги минерал төгинлер сапасының тийисли мәмлекетлик стандартларға сай екенлигин анализлеў ҳәм жуўмақ бериў, аўыл хожалығында қолланылатуғын төгинлердиӊ мәмлекетлик стандарт талапларына сәйкеслигин анықлаў, сондай-ақ, топырақлардыӊ зыянлы пестицидлер, радионуклидлер ҳәм аўыр металл қалдықлары менен патасланыўы бойынша мониторинг жүргизиў болып табылады. Орайымыз Германия, Россия, Қытай ҳәм Ҳиндстан мәмлекетлеринде ислеп шығарылған заманагөй лабораториялық үскене ҳәм приборлар менен тәмийинленген. Қәнигелеримиз билим ҳәм тәжирийбелерин арттырыў бойынша Ташкент қаласында арнаўлы шөлкемлестирилген курслардан өткен. Соны айрықша атап өтиўимиз керек, орайымыз 2023-жыл 4-октябрьде “Өзбекстан аккредитация орайы” мәмлекетлик унитар кәрханасынан техникалық жақтан тәжирийбелилиги мақулланғанлығын тастыйықлаўшы ML.1211-санлы гүўалықты Өзбекстан Республикасында бириншилерден болып алды.

Быйылғы жылдың өткен алты айы ишинде, орайда 389 жерден пайдаланыўшылар менен 31 206,7 гектарға шәртнамалар дүзилип, усы шәртнамалар тийкарында 22 591,1 гектар жер майданларынан топырақ үлгилери алынып, лабораториямызда анализден өткерилди.
Анализ жуўмақларына тийкар 28 658,1 гектар жер майданларының агрохимиялық картограммалары ислеп шығылып, жерден пайдаланыўшылардан 6 ай даўамында 53 688,4 мың сум өзлестирилди.
Соның менен бир қатарда, 2025-жыл 6 ай даўамында “Uzagrolab” платформасына картограммалары киргизилди.
Минерал төгинлерди анализден өткериў бойынша жәми 5 шартнама дүзилип, 68 үлги агрохимиялық анализден өткерилди ҳәм 30 383,3 мың сум өзлестирилди. Усылар менен бирге, республикамыздың 6 районында жайласқан 11 МПЖ ҳәм АПЖ ларда жайласқан 4 375 қыйтақ жер ийелериниң 262,5 га жер майданларының агрохимиялық жуўмақлары ислеп шығылып, 4 883,7 мың сум өзлестирилди.

Буннан тысқары Өзбекстан Республикасы Президенти 2024-жыл 30-декабрьдеги ПҚ-465-санлы қарары тапсырмаларының орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2 268 фермер хожалықларының
905,4 га атыз шети ҳәм 820 коллектор-дренажлар әтрапындағы 98,6 га майданлар топырақлары агрохимиялық анализден өткерилип жуўмақлар берилди.
-Соңғы жыллары елимизде дийқаншылық мәдениятын арттырыў, халықты таза ҳәм сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып, Президентимиз ҳәм республикамыз ҳүкимети басшылығында бир қатар жумыслар алып барылмақта,-дейди орай хызметкери Алишер Реймов.-Бирақ, айырым заманласларымыз егин егиўде топырақтың қурам бөлегине итибар берместен, өнимдарлықты арттырыў ушын ҳәр қыйлы минерал төгинлерди пайдаланбақта. Тилекке қарсы, бул исленген илажлар өзиниң кери тәсирин көрсетип, шаңарақларымыз көп муғдардағы қаржы шығынларына ушырамақта. Ал, егислик жерлеримиз болса, жарамсыз ҳалатқа келмекте. Сонлықтан республикамыздағы ҳәр бир жерден пайдаланыўшы адам ең дәслеп орайымызға келип, топырақ қурамын анализден өткерсе, бул мақсетке муўапық болар еди.
Пресс-тур даўамында журналистлер орай қәнигелериниң жумыслары менен жақыннан танысып, бүгинги күни кең жәмийетшиликти қызықтырып жүрген сораўларға тийисли жуўап алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.