Сапалы аўдарма – оқыўшы санасын өзгертиўши күш

143

Ҳәзирги күнде мәлимлеме технологиялары жедел раўажланып атырған болса да, китап оқыўдан заўықланып атырған китапқумарлардың саны артып атырғанын бақлаў қуўанышлы. Көшеде, жәмийетлик транспортта, қыябанларда қолында китабы менен бәнт болған адамлар кеўилге жыллылық бағышлайды. Бирақ соңғы жыллары айырым китаплардыӊ мазмунына қарағанда, муқабасы ямаса социаллық тармақларда “цитата” сыпатында пайдаланыў ушын сатып алынып атырғаны ашынарлы жағдай.

Айырым жағдайларда китаплар маркетинг қураллары арқалы үгит-нәсиятланады, олардың саўдасы болса тийкарынан реклама тәсиринде әмелге асырылады. Айырым мәмлекетлик емес басылымлар болса тек ғана коммерциялық мақсетлерде көркемлик қунынан алыс болған шығармаларды қайта-қайта аўдарып, базарға шығармақта. Бул болса ҳақыйқый әдебият, ҳақыйқый көркем өнер үлгилериниң саяда қалыўына алып келмекте.

Соның менен бирге, сапалы аўдармалар да бар. Соның ишинде, халқымыздың зыялыларынан бири, белгили аўдармашы ҳәм әдебияттаныўшы Озод Шарафиддинов тәрепинен әмелге асырылған аўдармалар ҳәзирги күнде де өз әҳмийетин жоғалтпаған. Оның 1955-2005-жыллар аралығында 150 ден аслам шығарманы өзбек тилине аўдарғаны миллий әдебиятымыз тарийхында әҳмийетли ўақыя болған.

Аўдармашы таңлаған шығармалар тек ғана дүнья әдебиятының дүрданалары емес, ал философиялық излениўлер, илимий-теориялық мақалалар, белгили ғайраткерлердиң шығып сөйлеген сөзлери, ҳәттеки кино сценарийлер сыяқлы ҳәр қыйлы бағдарларды өз ишине алған. “Арбат балалары,” “Ықырарнама,” “Дориан Грейдиң портрети,” “Алхимик,” “Бесинши таў” сыяқлы шығармалардың аўдармасы өзбек китапқумарын дүнья мәдениятына жақынластырды.

Әлбетте, бул жерде әҳмийетли тәрепи сонда, Озод Шарафиддинов аўдармаға тек әдебий көзқарастан ғана қатнас жасамаған, ал шығарманың социаллық ҳәм руўхый әҳмийетин терең түсинген ҳалда аўдарған. Оның дәслепки аўдармасы – Белинскийдиң “Сын ҳаққында сөзи” өзбек әдебий сыншылығына жаңаша руўх бағышлаған еди.

Ҳәзирги күнде де бир қатар ири жойбарлар шеңберинде мазмунлы аўдарма жумысларына итибар күшеймекте. Соның ишинде, “Жаслар ушын мың китап” жойбары шеңберинде 2024-жылы 50 илимий-ғалабалық шығарма өзбек тилине аўдарылды. Бул процессте 30 дан аслам эксперт-қәниге, 40 тан аслам аўдармашы, 30 ға шамалас редактор, сондай-ақ, корректор ҳәм дизайнерлер қатнасты. 2025-жылы болса көркем шығармалар ҳәм балалар әдебияты бағдарында да аўдармалар нәзерде тутылған.

Усы жерде және бир мәрте еслетип өтиў орынлы: ҳәр бир аўдармашы өз кәсибине шын кеўилден қатнас жасаса, бул тек ғана әдебият емес, ал пүткил жәмийеттиң руўхый раўажланыўына хызмет етеди. Әсиресе, жас әўладтың әдебиятқа дәслепки қәдемлерин исенимли, көркем потенциалға ийе шығармалар арқалы баслаўы оғада әҳмийетли.

Себеби, аўдарма миллетлераралық мәдений қарым-қатнас қуралы, ол инсанныӊ ой-пикирин кеңейтеди, миллий сананы байытады. Сонлықтан бүгинги аўдармашыларға үлкен жуўапкершилик жүкленген. Олар тек ғана текстти емес, ал пикирди, руўхты, мәнаўиятты өзбек тилине алып кириўи керек.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзА