Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў илажлары таныстырылды

Тиришилик бар екен турмысымызда қуўанышлы ўақыялар менен бирге ҳәр қыйлы кеўилсиз жағдайлар да ушырасып турады. Халқымыз “От бәлесинен, суў бәлесинен…” сақла дегениндей бундай қәўип-қәтерлер инсан өмирине орны толмас өкинишлерди де алып келиўи мүмкин. Әлбетте, бундай жағдайлардың алдын алыў ушын биринши гезекте ҳәр бир пуқарадан сақ болыў талап етиледи. Функциясына бир неше жуўапкерли ўазыйпаларды әмелге асырыў хызметлери белгиленген Айрықша жағдайлар министрлиги тәрепинен орынларда болып атырған айрықша жағдайларды сапластырыў жумыслары алып барылып, инсан қәдири барлық нәрседен үстин болған елимизде биринши гезекте инсан факторы ҳәм басқада кеўилсиз жағдайлардың алдын алыўда нәтийжели жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Хожели районлық бөлиминде Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм сапластырыўдың нәтийжели системасын жаратыўда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша пресс-тур өткерилди. Илажға ғалаба хабар қураллары ҳәм бөлим хызметкерлери қатнасты.
Пресс-тур даўамында бөлим хызметкерлери тәрепинен өрт-профилактикалық жумыслары бойынша көргизбели шынығыў илажлары алып барылып, онда өрт болған жағдайда ўақыя орнына тез жетип барыў ҳәм өртти өшириў ўақтында орынланыўы керек болған илажлар шеберлик пенен атқарылды. Жаздың жәзийрма ыссысында арнаўлы кийимлер менен лаўлап жанып турған өртке қарсы барыў ҳәм ол жерде ҳәр қандай қыйыншылықларға қарамастан өртти тезлик пенен өшириў ўазыйпасын орынлаў бөлим хызметкерлериниң оператив ҳәм тәжирийбели екенлигин аңлатып турды.

Сондай-ақ, илаж даўамында бәлент имаратларда өрт болған жағдайда қандай шара көрилиўи кереклиги, мәртлик ҳәм ҳеш қандай кемшиликлерге жол қоймаған ҳалда әмелге асырыў илажлары хызметкерлер тәрепинен шеберлик пенен көрсетилди.
Буннан соң илаж, қатнасыўшылар тәрепинен пресс конференция менен даўам етти. Онда Айрықша жағдайлар басқармасы баспасөз хаткери А. Абдирахманов, басқарманың бөлим баслығы Б.Султаниязов, Айрықша жағдайлар басқармасы Хожели районлық бөлими баслығы Ҳ.Эгамов ҳәм ғалаба хабар қураллары менен бөлим хызметкерлери қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар айрықша жағдайлар жүз берген орынларда әмелге асырылған ўазыйпалар бойынша мағлыўмат берди.
Илажда айтып өтилиўинше Хожели районлық Айрықша жағдайлар бөлими тәрепинен 2025-жылдың 6 айы даўамында район аймағында жайласқан экономика тармақлары ҳәм социаллық тараў обектлери және халықтың турақ жайларында айрықша жағдайлар, адамлардың зәҳәрли газ ийисинен зәҳәрлениўи, ҳаўа-газ араласпасының жарылыўы, өртлер және өртлерде адамлардың күйип дене жарақатын алыўы ҳәм қайтыс болыўының алдын алыў бойынша бир қанша унамлы жумыслар әмелге асырылған.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығының 2025-жыл 28-январь күни тастыйықланған “Тәбийғый ҳәм техноген характердеги айрықша жағдайлардың алдын алыў, пуқаралық қорғаў, өрт қәўипсизлиги, киши көлемли кемелерден қәўипсиз пайдаланыў, суў объектлеринде пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығын қорғаныў тараўындағы илажларды шөлкемлестириў және әмелге асырыў бойынша Хожели районлық Айрықша жағдайлар бөлиминиң жыллық тийкарғы илажлар режеси”не муўапық нәтийжели жумыслар әмелге асырылып соннан, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 2-август күнги “Киши көлемли кемелерден қәўипсиз пайдаланыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында”ғы 484-санлы Қарарына муўапық, район аймағындағы физикалық ҳәм юридикалық тәреплер менен киши көлемли кемелерди кеме айдаўшысы гүўалығысыз басқарыў қадаған етилгенлиги ҳаққындағы түсиндириў жумыслары әмелге асырылып, оларға нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде белгиленген талаплар менен таныстырылып ҳәм 6 пуқараға тийисли болған киши көлемли кемелери техникалық тексериўден өткерилген. Район аймағынан ағып өтиўши Әмиўдәря, Параллел ҳәм Сүўенли каналларында киши көлемли кемелерди кемешилер гүўалығысыз басқарыўдың алдын алыў мақсетинде 19 мәрте рейд илажлары өткерилген.

“Халықты жер силкиниўге таярлаў ҳәптелиги”н өткериў бағдарламасына тийкарланып райондағы кәрхана ҳәм шөлкемлерде 48 мәжилис, ушырасыўлар шөлкемлестирилип, жәми 3506 жумысшы ҳәм хызметкер қатнасқан. Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы мектеплерде 25 мәжилис өткерилип, 1260 оқыўшының қатнасыўы қамтып алынған. Денсаўлықты сақлаў министрлигине қараслы объектлер ҳәм кекселер, майыплар ҳәм мүриўбет үйлеринде жәми 3 ушырасыў өткерилген болып, усы өткерилип киятырған ҳәптелик мәжилислерде жәми 1657 еслетпе ҳәм басқа да үгит-нәсият материаллары тарқатылған.

Хожели районы ҳәкими , Пуқаралық қорғаныў бөлими баслығының 2025-жыл 2-май күнги “2025-жыл шомылыў мәўсиминде халықтың суўға ығып кетиўи менен байланыслы бахытыз ҳәдийселердиң алдын алыў бойынша комплексли илажлар ҳаққында”ғы 7-санлы буйрықларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, усы жылдың 8-май күни тийисли хызметлерди тартқан ҳалда “Шомылыў бассейнлеринде қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм киши көлемли кемелер ҳәм олар туратуғын базалар (қурылмалар) дан қәўипсиз пайдаланыўды тәмийинлеў” атамасында оқыў-семинары өткерилди. Бөлим әскерий хызметкерлери тәрепинен район аймағындағы шомылыў қадаған етилген орынларда шомылып атырған халықтың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде районлық ИИБ, МГ ҳәм тийисли шөлкемлер менен биргеликте түсиндириў жумыслары алып барылмақта.

Айрықша жағдайлардың ерте алдын алыў, халықты айрықша жағдайларда дурыс ҳәрекет етиўге үйретиў, сондай-ақ, зәҳәрли газ ийисинен зәҳәрлениў, газ-ҳаўа араласпасының ушқынланыўы ҳәм өртлердиң алдын алыў бойынша “Мәҳәлле кесиминде” ҳәм “Шаңарақ кесиминде” системасында кәрхана, шөлкем ҳәм мәҳәллелерде 130 ушырасыў, 6485 пуқараның қатнасыўында мәжилислер өткерилип профилактикалық илажлар әмелге асырылған.
Райондағы “Наўрыз” МПЖ мәҳәллесинде халықты айрықша жағдайларда ҳәрекет етиўге ҳәм пуқаралық қорғаныў тараўында таярлаўда усы жылдың 23-май күни “Күйдирги кеселлигиниң тәбийғый ошақларының келип шығыўы ҳәм тарқалыўының алдын алыўда АЖҚХ жуўапкер хызметлериниң биргеликтеги ҳәрекетлери” атамасында көргизбели арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы өткерилип оған ФВДТ хызметлери ҳәм “Наўрыз” МПЖдан 167 жеке қурам ҳәм 8 техника тартылды.

Район аймағында 2025-жылдың 6 айы даўамында 33 өрт жүз берип, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 19 (135,7%) өртке көбейген (2024-жылдың 6 айында 14). Жүз берген өртлерде инсанлардың күйиў дене жарақатын алыў, инсанлардың набыт болыў жағдайларына жол қойылмаған (2024-жылдың 6 айында 0). Өртлер ақыбетинде келтирилген материаллық зыян 592 млн 568 мың сумды (2024-жылдың 6 айында 472 млн 777 мың 400 сумды) қурайды.
Илажда күн мәселеси болған суўда шомылыў ҳәм суўға ығып кетиў сыяқлы кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў илажлары айрықша атап өтилди.

Пресс- конференцияда ғалаба хабар қураллары ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўлар бойынша қәнигелерден тийисли жуўап алды.
Илаж даўамында қәнигелер тәрепинен өрт қәўипсизлигин сақлаў ҳәм өрт болған жағдайда хызметкерлердиң кийиниў әнжамлары, тутыныў қураллары көргизбеси таныстырылды.
Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги