Бокс шеберлиги мектеби пайдаланыўға тапсырылды

236

Республикамызда халық хожалығының барлық тараўлары сыяқлы, спорт тараўының раўажланыўына да айрықша итибар қаратылып келинбекте. Әсиресе, соңғы жыллары елимиз Президенти тәрепинен балалар ҳәм жас өспиримлердиң спорт пенен шуғылланыўына қаратылып атырған итибар ҳәм қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде мәмлекетимиз спортшылары көплеген халықаралық жарысларда, Олимпиада ойынларында жеңимпазлықты қолға киргизип, Өзбекстан байрағын көклерде желбиретпекте.

Әсиресе, бунда боксшилеримиздиң қолға киргизип атырған табыслары өз алдына бир төбе. Олар Азия ҳәм жәҳән чемпионатлары, Олимпиада ойынларында өз салмақ категориялары бойынша мүнәсип түрде қатнасып, улыўма командалық есапта бириншиликти қолдан бермей келмекте. Бүгин Олимпиада чемпионлары Баҳадыр Жалолов, Ҳасанбай Дўсматов, Муроджон Аҳмадалиев, Абдумалик Халоков, Асадхужа Муйдинхужаев, Лазизбек Муллажонов, Шаҳобиддин Зоиров, Фазлиддин Ғойибназаров ҳәм басқаларды пүткил дүнья жүзи таныйды ҳәм ҳүрмет етеди.

Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында болғанындай, Қарақалпақстанда да бокс раўажланып келмекте. Рашид Сейтов, Икрам Шамуратов, Шараф Айтбаев, Асқар Жуманов ҳәм басқа да пидайы тренерлердиң алып барған жумысларының нәтийжесинде,  2021-жылы Бухара ўәлаятында өткерилген жаслар арасындағы Өзбекстан кубогинде улыўма командалық есапта сыйлы 2-орынды ийелеўи, 2022-жылы Иордания мәмлекетинде жаслар арасында өткерилген Азия чемпионатында ерлер арасында Айназар Кеңесбаевтың алтын, Сухраб Аминовтың қола, Рано Муратбаева ҳәм Рахима Бекниязовалардың қола, 2023-жылы Таиландта өткерилген Азия чемпионатында Рашида Тагированың қола, 2024-жылы Қазақстан Республикасы пайтахты Астана қаласында өткерилген Азия чемпионатында Рахима Бекниязова ҳәм Айсәнем  Сарўаровалардың гүмис, 2025-жылы Артур Кеңесбаевтың Азия чемпионатында қола, Улбосын Жалғасбаеваның гүмис медальларды  қолға киргизиўи жоқарыда айтып өткен пикиримизди айқын тастыйықлайды.

Келешегинен үлкен үмит күттиретуғын жас боксшимиз Мадияр Данияровтың усы жылы ересеклер арасында өткерилген Өзбекстан чемпионатында – 60 кг салмақта алтын медальды жеңип алыўы, Қарақалпақстан бокси тарийхында жаңа бетти ашты. Себеби, республикамыз боксшилери арасында 2005-жылдан берли Әлибек Крабаевтан соң ересеклер арасында Өзбекстан чемпионы шықпай атырған еди.  Мадияр Данияров бул «жаман дәстүр»ди бузып, миллионлаған қарақалпақстанлы спорт жанкүйерлерин шексиз қуўанышқа бөледи.

Ҳәзирги күни бокс бойынша Өзбекстан сайланды командасы қурамында 18 қарақалпақстанлы спортшы болып, соннан 8и тийкарғы, 10ы резерв қурамына киргизилген.

Әлбетте, спортшыларымыздың бундай үлкен табысларды қолға киргизиўи өз-өзинен болмады. Бунда республикамыздағы спорт мектеплеринде жумыс ислеп атырған 114 бокс трененерлериниң мийнети менен жас спортшыларға жаратылып атырған қолайлы шараятлардың орны айрықша.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 11-декабрьдеги «Балалар-өспиримлер спорт мектеплериниң жумысларын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 356-санлы қарарына муўапық материаллық-техникалық базалары ҳәмде спорт жетискенликлери төмен спорт мектеплери оптималластырылып, бир неше спорт мектеплери, соның ишинде, бурынғы Республикалық бокс бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби де 2016-жылдың март айынан баслап жаңадан шөлкемлестирилген Республикалық спорттың жеке гүрес түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебине бириктирилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёевтиң 2024-жыл 5-март күни Ташкент қаласындағы объектлерге сапары даўамында берилген тапсырмалар бойынша 13-санлы баянламасының 10-бәнти тийкарында, 2024-жыл сентябрь айының жуўмағына шекем Нөкис қаласындагы Жеке гүрес түрлерине қәнигелестирилген спорт мектеби балансындағы бокс залын толық реконструкциялаў ўазыйпасы белгиленди ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2024-жыл
31-майдағы 1660-санлы Президиум қарары менен арнаўлы қаржы ажыратылып, ески бокс залы бузылып, оның орнына жәми баҳасы 3 млрд 115 млн 495 мың 218 сум болған жаңа спорт залы бой тикледи.

Бүгин усы бокс залының салтанатлы ашылыў мәресими болып, онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм барлық илаж қатнасыўшыларын жаңа имараттың халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылыўы менен қызғын қутлықлады.

Сондай-ақ, республикамыз басшысы өз сөзинде, мәмлекетимиз Президенти тәрепинен Қарақалпақстанды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша шығарған Пәрман ҳәм қарарларын жоқары баҳалап, республикамызда алып барылып атырған кең көлемли жумысларды, соның ишинде спорт тараўында жүз берип атырған жаңаланыў ҳәм өзгерислерди айрықша атап өтти.

-Жасларымыздың спорт пенен шуғылланыўы ушын Президентимиздиң ғамқорлығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы менен республикамыздың барлық аймақларында көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта,-деди республикамыз басшысы.-Усылар қатарында Нөкис қаласында қурылып атырған Гимнастика орайы, Кураш шеберлик мектеби, Туран стадионының қурылысын айтып өтсек болады. Енди спортшыларымыз барлық қолайлылықларға ийе спорт залларда шынығыўлар алып барады ҳәм халқымыз олардан жақсы нәтийжелер күтип қалады.

Мәресимде «Нураный» қоры Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Т.Абдижаббаров, нураный спортшы А.Казаковлар шығып сөйлеп, жасларымызға усындай қолайлы шараятларды жаратқаны ушын елимиз басшыларына үлкен рахметлер айтты.

Соңынан имарат алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, қатнасыўшылар спорт залдың ишки мүмкиншиликлери менен жақыннан танысты ҳәм бокс бойынша жас өспиримлер арасында өткерилип атырған Қарақалпақстан чемпионатын тамашалады.

 

Салтанатлы мәресимге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев ҳәм Өзбекстан бокс федерациясы бас қәнигеси Сардор Тошходжаев қатнасты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.