Сенат комитетлери ҳәм жергиликли кеңеслердиң турақлы комиссияларының бирге ислесиўи күшейтилмекте

Олий Мажлис Сенаты тәрепинен жергиликли кеңеслердиң турақлы комиссиялары ағзаларының билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, нызамшылықтағы жаңалықлардан хабардарлығын күшейтиў ҳәм өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў мақсетинде системалы түрде семинар ҳәм әмелий илажлар өткерилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық кеңесиниң турақлы комиссияларының басшылары Сенат комитетлериниң жумысы менен жақыннан танысты.

Усы күнлерде халық депутатлары Жиззақ ўәлаяты кеңеси секретариатының хызметкерлери де Сенат жанындағы Аймақлық ўәкилликли уйымлардың жумысын үйрениў орайында әмелият өтеп атыр.
Бул әмелият шеңберинде Сенат комитетлери ҳәм Орайдың жумысы менен танысып, жергиликли кеңеслердиң өз-ара бирге ислесиўин беккемлеў, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўда жергиликли ўәкилликли уйымлардың қатнасыўын ҳәм интакерлигин күшейтиў мәселелери додаланбақта.
Сондай-ақ, нызам дөретиўшилиги процесинде жергиликли кеңеслер депутатларының белсене қатнасыўын тәмийинлеў, олардың пикир-усынысларын есапқа алыў, қабыл етилип атырған нызамларда аймақлық өзгешеликлер ҳәм талапларды сәўлелендириў бойынша әмелий көнликпелер қәлиплестирилмекте.
Жергиликли ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын күшейтиўге жәрдемлесиўши комиссия баслығының орынбасары, сенатор Гулнора Маруфова менен де ушырасыў өткерилди.
Онда жергиликли кеңеслер ҳәм турақлы комиссиялардың жумысын буннан былай да жетилистириў, Сенат комитетлери ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымлары арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў, сондай-ақ, жергиликли атқарыў ҳәкимияты жумысы үстинен нәтийжели депутатлық қадағалаўды әмелге асырыў мәселелерине итибар қаратылды.
Н.Абдураимова,
ӨзА