Ал-Беруний атындағы халықаралық мектеп-интернатына кириў имтиханлары өткерилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 15-майдағы “Президенттиң қәбилетли перзентлери” басламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманына муўапық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасында Ал-Беруний атындағы халықаралық мектеп-интернаты шөлкемлестирилди.
Бул мектеп толық академиялық, шөлкемлестириўшилик-басқарыў ҳәм финанслық жақтан бийғәрез мәмлекетлик улыўма орта билимлендириў шөлкеми болып есапланады.
2025-2026-оқыў жылы ушын Ал-Беруний атындағы халықаралық мектеп-интернатына кириў ушын ҳүжжетлер июнь айында онлайн қабыл етилди.
Усы ўақыт даўамында 16 мың 532 талабан оқыўшыдан арза келип түсти ҳәм бир орынға орташа есапта 103 талабан туўра келмекте.
Имтихан сынақлары еки басқышта болып өтиўи режелестирилген болып, усы жылдың 12-июль күни 1-басқыш кириў имтиханлары мәмлекетимиздиң 13 аймағында өткерилди.
Сынақ процесслери Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 27-майдағы 214-санлы қарары тийкарында математика ҳәм инглис тили пәнлеринен (ҳәр бир пән бойынша 40 тапсырмадан ибарат тест түринде) шөлкемлестирилди.



Математика пәни ушын 90 минут, инглис тили пәни ушин 40 минут ўақыт берилди.
Екинши басқышта биринши басқыш нәтийжелери бойынша ең жоқары нәтийже көрсеткен 300 талабан ушын сынақлар шөлкемлестириледи.
Процесслер июль айының ақырына шекем Ташкент қаласында өткерилиўи режелестирилген болып, онда талабанлар математика пәнинен 5 мәселе ҳәм инглис тилинен 4 жазба жумыс (эссе) жазыўы талап етиледи.
Екинши басқыш имтиханда ең жоқары нәтийже көрсеткен 60 оқыўшы мектепке қабыл етиледи.
Бул халықаралық мектепке быйылғы 8-класс питкериўшилери арасынан 60 оқыўшы таңлап алынады ҳәм олар 3 бағдарда оқытылады.
Мектеп питкериўшилерине мәмлекетлик үлгидеги билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжет (аттестат) пенен бир қатарда, жетекши сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлерине оқыўға кириў имканиятын беретуғын халықаралық билимлендириў бағдарламасының дипломы бериледи.
Мектепте оқыўшылар инглис тилинен тысқары кеминде және бир қосымша шет тилине оқытылады.
Н.Насриев, Р.Назарматов (сурат), ӨзА