Өзбекстанда 6 айда 23 мыңнан аслам жағдайда өткир жуқпалы ишек кеселликлери дизимге алынған

122

Жаз мәўсиминде көбирек балалар арасында өткир жуқпалы ишек кеселликлери жийи ушырасады. Бул кеселликлерди түрли микроорганизмлер келтирип шиғарады. Өткир жуқпалы ишек кеселликлерине қарын тифи, сальмонеллёз, иш өтиў, вируслы гепатиттиң “А” түри, холера ҳәм басқа да бир қатар жуқпалы кеселликлер киреди. Бул кеселликлерди көпшилик жағдайларда бактериялар ҳәм вируслар қозғатады.

ЖДСШ мағлыўматларына бола, дүньяда ҳәр жылы 1 миллиардтан аслам диарея кеселликлери менен кеселленген наўқаслар дизимге алынады, олардан 5-10 миллион наўқас қайтыс болады.

Санитария-эпидемиология комитети қәнигелери тәрепинен алып барылған таллаўларға бола, елимизде 2025-жылдың 6 айы даўамында дерлик 23 мың 558 жағдайда өткир жуқпалы ишек кеселликлери дизимге алынған. Аймақлар кесиминде алып қарағанда Ташкент қаласы, Қашқадәрья, Сырдәрья ўәлаятлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасында ең жоқары көрсеткиште усы кеселлик дизимге алынған.

Бул ҳаққында Санитариялықэпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети мәлимлеме хызметиниң баслығы Мафтуна Саидова МҒКА да өткен брифингте толық мағлыўмат берди:

Жас жағынан ең көп жағдай киши жастағы балалар арасында ушырасады (1 жасқа шекемги балаларда 5000 нан аслам, 1-3 жастағы балалар арасында 7678, 4-6 жастағыларда 3184, 7-14 жастағыларда дерлик 2000 жағдай, 15-19 жастағыларда 756, 20 ҳәм оннан үлкен жастағыларда 4938 жағдай).

Қәнигелердиң үйрениўлерине бола, өткир жуқпалы ишек кеселликлери жаз айларында көбирек ушырасыўына бир қанша факторлар себеп болады. Жақсы сақланбаған ҳәм узақ ўақыт турып қалған аўқатларды пайдаланғанда, жас балалар ушын мөлшерленген жасалма аўқатларды таярлаў қағыйдаларына әмел етилмегенде, таза мийўелер жақсы жуўылмастан пайдаланылғанда, ашық суў бассейнлеринде шомылғанда суў менен микроблардың организмге түсиўи нәтийжесинде, усы кеселлик пенен аўырған наўқас пенен байланыста болғанда, сапасы кепилленбеген антисанитар жағдайда сатылып атырған таяр азық-аўқат  өнимлери,  салқын-ишимликлер, шербетлер, айран ҳәм басқа да ишимликлерди ишиў де өткир жуқпалы ишек кеселликлериниң келип шығыўына себеп болыўы мүмкин.

Өткир жуқпалы ишек кеселликлери тийкарынан 3 жасқа шекемги балаларда көбирек ушырасып атырғанын есапқа алып, балаларды күтиўде гигиеналық усынысларға әмел етиў әҳмийетли болып есапланады.

Қайнатылған суў ҳәм азық-аўқат өнимлерин пайдаланыў ҳәм жеке гигиена қағыйдаларына пуқта әмел етиў өткир жуқпалы ишек кеселликлериниң алдын алыўдың гиреўи болып есапланады.

Моҳигул Қосимова, ӨзА