Жасларды билимлендириў, олардыӊ кәсиплик таярлығы ҳәм имканиятлар теңлиги итибарда

107

15-июль – Пүткил жер жүзилик жаслар көнликпелери күни

Халқымызда терек егиў, бағ жаратыў, уллы әмел сыпатында қәдирленеди. Терек, бул – келешекке үмит тымсалы. Жасларды қоллап-қуўатлап, келешегине тийкар жаратыў болса, жәмийетлик бағ жаратыў менен тең.

Елимизде де жаслардың бәринен бурын ел хызметине жарамлы болыўы, дүнья жәмийетшилигинде өзиниң мүнәсип илими менен тура алыўы ушын имканиятлар жаратылып келинбекте. Оның ушын олардың заманагөй көнликпелер менен мийнет базарында өз орнына ийе болыўы дәўир талабы болып есапланады. “Өзбекстан – 2030” стратегиясында жаслардың санлы саўатлылығын арттырыў, инновациялық пикирлеўди раўажландырыў, шет тиллерин билиў дәрежесин көтериў ҳәм исбилерменлик потенциалын күшейтиў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында белгиленген. Бул илажлар халықаралық дәрежеде тән алынған “жасыл экономика,” санластырыў ҳәм инкльюзив раўажланыў сыяқлы тенденцияларға сәйкес келеди.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы 2014-жылы жасларға мүнәсип жумыс ҳәм исбилерменлик имканиятларын жаратыўда зәрүр болған көнликпелерди үйретиўдиң әҳмийетлилигин тән алған ҳалда, 15-июль сәнесин – Пүткил жер жүзилик жаслар көнликпелери күни сыпатында белгиледи. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет жаслардың заманагөй мийнет базарында өз орнын табыўы, бәсекиге шыдамлы көнликпелерге ийе болыўы ҳәм турақлы раўажланыў процесслеринде белсене қатнасыўын тәмийинлеўден ибарат. Дүнья жәмийетшилиги тәрепинен бул сәнени белгилеў арқалы жасларды билимлендириў, олардыӊ кәсиплик таярлығы ҳәм имканиятлар теңлигин тәмийинлеў мәселесине итибар қаратылады.

Усы мәниде 15-июль – Пүткил жер жүзилик жаслар көнликпелери күни тек ғана глобал ой-пикирлерге шақырыўшы сәне емес, ал жаслардың потенциалын жүзеге шығарыўға қаратылған кең көлемли реформаларды сәўлелендириўши айна болып есапланады.

Абдулазиз РУСТАМОВ, ӨзА