Грант таңлаўы: Бир жойбар 200 миллионға шекем қаржыландырылмақта

Ташкентте Олий Мажлис жанындағы Пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды Мәлимлеме хызметиниң баслығы Артықхўжа Норовтың қатнасыўында өткерилген брифингте Жәмийетлик фонд тәрепинен жәрияланған мәмлекетлик грант таңлаўының жуўмақлары ҳаққында мағлыўмат берилди.
Онда атап өтилгениндей, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық қорғаў ҳәм денсаўлықты сақлаў, қоршаған орталық ҳәм санитариялық-гигиеналық жағдайды жақсылаў, билимлендириў, мәденият ҳәм спортты раўажландырыў, коррупцияға қарсы гүресиў сыяқлы бағдарларды қамтып алған грант таңлаўына пуқаралық жәмийети институтларынан ngo.gov.uz платформасы арқалы жәми 850 жойбар усыныс етилген. Соның ишинде, Жәмийетлик фонд тәрепинен жәрияланған 14 грант таңлаўына 521, Жәмийетлик фондтың аймақлық бөлимлери тәрепинен жәрияланған 14 грант таңлаўына 329 жойбар усыныс етилген. Таллаўларға бола, олардың 66 проценти мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, 29 проценти мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм 4 проценти ғалаба хабар қуралларының үлесине туўра келди.

Баҳалаў нәтийжелеринен келип шығып, Парламент комиссиясы 28 таңлаўдың 166 бағдары бойынша 172 жойбарды жеңимпаз деп тапты ҳәм бул жойбарларға 18 млрд. сумға шамалас қаржы қаратылады.
Атап өтилгениндей, жойбарлар аймақлар кесиминде пропорционал түрде бөлистирилген ҳәм бир жойбар 200 миллион сумға шекем қаржыландырылмақта.
Сондай-ақ, Жәмийетлик фондқа 25 мәмлекетлик уйымның 55 социаллық буйыртпа жойбары усынылған. Парламент комиссиясы бул талапнамаларды әҳмийетлилиги бойынша үйренип шығып, 10 мәмлекетлик шөлкемниң жәми 24 миллиард сумлық 11 социаллық буйыртпасы таңлап алынған.
Брифингте коррупцияға қарсы гүресиў, социаллық қорғаў, медицина, билимлендириў, мәдений мийрас, халықты қорғаў, жәмийетлик қадағалаў сыяқлы тараўлардағы мәмлекетлик социаллық буйыртпалар таңлаўына пуқаралық жәмийети институтлары усы жылы 11-августқа шекем ҳүжжетлерди усыныўы мүмкин екенлиги айтып өтилди.
М.Комилова, ӨзА